Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.04.2022 15:00
  • 649

Ески үлгидеги банкноталар қашан айланыстан шығарылыўы мәлим етилди

Хабарыңыз бар, Орайлық банк тәрепинен 2021-жылда дәслеп 2 000 сумлық ҳәм 20 000 сумлық банкноталар айналысқа шығарылды. Соңынан және август ҳәм декабрь айларынан баслап басқышпа-басқыш жаңа көринистеги 5 000, 10 000, 50 000 ҳәм 100 000 сумлық банкноталар айланысқа енгизилип, бул банкноталар усы номиналдағы ески үлгидеги банкноталар менен параллель тәризде айланыста болыўы, яғный ески үлгидеги 5 000, 10 000, 50 000, 100 000 сумлық банкноталар төлеў қәбилетин жоғалтпайтуғынлығы белгиленди.

 

Орайлық банктиң мәлим етиўинше, ески үлгидеги банкноталар тәбийғый жол арқалы, яғный айланыста болыў процесинде гөнерген ҳәм төлеўге жарамсыз жағдайға келгенлери айланыстан шығарылмақта. Айланыста болып турған банкноталар саны 2,5 миллиард данадан аслам болса, соның 201 миллион данадан асламы 2021-жыл үлгисиндеги банкноталар болып табылады.

 

Айланыста ески үлгидеги банкноталардың үлеси көп болғанлығын есапқа алып, олардың айланыстан шығарылыў мүддети шекленбегени атап өтилген Орайлық банктиң мәлимлемесинде.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы