Telegram karinform

Экономика

  • 30.04.2022 15:00
  • 701

1-майдан пенсия ҳәм напақалар муғдары 12%ке көбейтиледи

Президент Шавкат Мирзиёев 2022-жыл 1-майдан баслап пенсия ҳәм напақаларды 12 процентке арттырыў ҳаққындағы пәрманға қол қойды. Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы аймағында:

  • пенсияны есаплаўдың базалық муғдары — айына 324 000 сум;
  • жасқа тийисли ең кем пенсия муғдары — айына 633 000 сум;
  • майыплық напақалары, атап айтқанда, жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы майыплық пенсиясының ең кем муғдары — айына 698 000 сум;
  • мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақалары ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын пенсия муғдары — айына 698 000 сум;
  • зәрүр жумыс стажына ийе болмаған ғарры жастағы пуқараларға берилетуғын пенсия муғдары — айына 500 000 сум;
  • жумыс стажы толық болмаған жасқа тийисли пенсияның ең кем муғдары қосымша төлеўди есапқа алған ҳалда — айына 500 000 сум;
  • белгиленген жасқа тийисли ең кем пенсия муғдарынан 698 000 сумға шекем, пенсия алыўшылардың жасқа тийисли ҳәм майыплық бойынша пенсиялары муғдары — айына 698 000 сум етип белгиленди.

 

Абдуллаева Шахноза-Бану

Social

Усыныс етемиз

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар

Дийқанлардың тәбийий апатлар ҳәм басқа да қәўиплерден көретуғын зыянларын қаплаўдың жаңа системасы жаратылады

Дийқанлардың тәбийий апатлар ҳәм басқа да қәўиплерден көретуғын зыянларын қаплаўдың жаңа системасы жаратылады

    Аўыл хожалығы қамсызландырыўына байланыслы жаңа илажлар: ➖ Зыян муғдары ғәрезсиз экспертлер тәрепинен баҳаланады; ➖ Мәмлекет