Ишки туризмди раўажландырыўға бағдарланған Президент қарарына муўапық, Ақшакөл, Ашшы көл, Зикри көл, Айдаркөл, Тузкон көли ҳәм Тодакөл аймақларында ҳайўанат дүньясы объектлерин қорғаў мақсетинде олардың жасаў орталығы, атап айтқанда, тийкарғы топланатуғын орны сыпатында белгиленген аймақларға кирмейтуғын жер майданларында пляж зоналарын шөлкемлестириў ушын жер участкалары 10 жылға шекемги мүддетке ижараға бериледи.
Пляж зоналары аймақларында экологиялық ҳәм санитария талапларына жуўап беретуғын жеңил конструкциялы имаратлар қурылады.