Тунисте қылышпазлықтың сабля жөнелиси бойынша ҳаял-қызлар ортасында даўам етип атырған Жәҳән кубогиның сайлап алыў басқышынан соң жерлесимиз Зайнаб Дайыбекова медаллар ушын гүреседи.
Дүньяның ең күшли сабляшылары ортасында өткерилип атырған жарыста Өзбекстан сайланды командасы тийкарғы қурамда қатнаспақта. Зайнаб Дайыбекова, Паола Плиего, Айсулыў Уснатдинова, Гүлистан Пердебаева ҳәм Самира Шокирова сыяқлы спортшылар жарыста мәмлекетимиздиң атынан қатнасып атыр.