Telegram karinform

Мәденият

  • 08.05.2022 14:00
  • 1158

Тахтакөпирде Өзбекстан Қаҳарманы Ағытай Адилов атындағы музей ашылды

Усы жылдың 7-май сәнесинде Тахтакөпир районындағы «Ағытай Адилов» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында қаҳарманның атындағы музей, оның бюсти ҳәм  китапхананың ашылыўы болып өтти, деп хабар берди тележурналист Ләззет Есемуратова. 

Ашылыў салтанатына Тахтакөпир районы ҳәм Жиззақ ўәлаяты Зарбдор районы ҳәкимлери қатнасты.

Тахтакөпир районындағы басламалар Өзбекстан Республикасы Президенти тапсырмасының орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде районға бекитилген Жиззақ ўәлаятының Зарбдор районы ҳәкимлиги тәрепинен әмелге асырылып, музейди шөлкемлестириў ушын 120 миллион сум, халықтың жасаў шараятын жақсылаў ушын 35,0 миллион сум, район турғынлары ушын дем алыў орайларына жолламаларға 112,5 миллион сум, буннан тысқары, райондағы мектепке керекли буйымлар алып берилип, көшелердиң абаданластырылыўы ушын жәми 815 миллион сум қаржы ажыратылған. 

Cондай-ақ, аймақ жасларының ўақтын мазмунлы өткериў мақсетинде 100 миллион сумлық қаржы есабынан китапхана шөлкемлестирилип, оған 40,0 сумлық 750 дана илимий ҳәм әдебий китаплар алып берилди. 

Сахибжамал Есемуратова,
Karinform.uz

Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

        Өзбекстан миллий сайланды командасы ҳәм «Манчестер Сити» клубы қорғаўшысы Абдуқодир Ҳусановтың баҳасы 35 миллион евроға