Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.05.2022 12:00
  • 868

«Нөкис-Алматы» жөнелиси бойлап ҳәрекетленип баратырған автобус Қазақстанда ЖТҲға ушырады. Қайтыс болғанлар бар

 

Усы жылдың 12-май күни Қазақстан Республикасының Жамбыл ўәлаятында жолаўшы автобусы қатнасыўында жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди.

 

Жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң рәсмий ўәкили Өзбекстанның Алматы қаласындағы Бас консулханасы мағлыўматларына тийкарланып хабар берди.

 

Хабарда жазылыўынша, «Нөкис-Алматы» жөнелиси бойлап ҳәрекетленип баратырған автобуста 53 жолаўшы, соның ишинде, 47 Өзбекстан пуқарасы болған. Ўақыя ақыбетинде 2 Өзбекстан пуқарасы қайтыс болған.

 

Ҳәзирги ўақытта 16 жерлесимиз районлық емлеўханада, соннан екеўи реанимация бөлиминде екенлиги мәлим етилген.

 

«Өзбекстанның Алматы қаласындағы Бас консулханасы жанында жәбирленгенлерге жәрдем бериў бойынша жумысшы топар шөлкемлестирилди. Дипломатлар ўақыя орнына жетип барды.

 

Ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм медицина мәкемелери менен турақлы байланыс орнатылған. Қайтыс болғанлардың денелерин ўатанға алып келиў менен байланыслы шөлкемлестириў мәселелери шешилмекте.

 

Жағдай Бас консулхана қадағалаўына алынған.

 

Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил айта отырып, жерлеслеримиз Өзбекстанның Алматы қаласындағы Бас консулханасына (телефон номерлери: +77779504422, +77779504433) жәрдем сорап мүрәжат етиўи мүмкин екенлигин мәлим етеди»,-деп жазылған хабарда.

 

«ҚазАқпарат» агентлигиниң мәлим етиўинше, жол-транспорт ҳәдийсесине ҳаўа райының өзгериўи (жаўын ҳәм буршақ жаўыўы) менен автобус басқарыўшысының басқарыўды жоғалтыўы ақыбетинде бир бағдарда киятырған трактор тиркемесине соқлығысыўы себеп болған.

 

Қайтыс болғанлардың бири автобус басқарыўшысының жәрдемшиси, екиншиси жолаўшы екенлиги мәлим етилген.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,