Telegram karinform

Сиясат

  • 17.05.2022 11:00
  • 703

Транспорт қуралларын басқарыўға неше жастан руқсат етиледи?

 

Транспорт қуралын басқарыў ҳуқуқына ийе болыў ушын үйрениўши оқыў мүддети жуўмағына шекем:

«А» топары ушын – 16 жасқа;

«В» ҳәм «С» топары ушын – 18 жасқа;

«ВЕ» ҳәм «СЕ» топары ушын – 19 жасқа;

«D» ҳәм «DЕ» топары сондай-ақ, трамвай ҳәм троллейбуслар ушын 21 жасқа толған болыўы керек.

Бул ҳаққында Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 12-апрельдеги қарарының «Транспорт қуралларын басқарыўды үйретиў» деп аталған 25-бабында келтирип өтилген.

Сондай-ақ, транспорт қуралларын басқарыўды дәслепки үйретиў жабық майданлар ямаса автодромларда өткерилиўи тийис. Жолларда транспорт қуралларын басқарыўды үйретиў тек әмелий басқарыўды үйретиўшиниң қатнасында дәслепки басқарыў көнликпелерине ийе болған үйрениўшиге руқсат етиледи. Үйрениўши қағыйдаларды билиўи ҳәм оларға әмел етиўи шәрт екенлиги де қарарда келтирип өтилген.

Social

Усыныс етемиз

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Уқсас жаңалықлар

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

    Президент ҳүкиметке газ ҳәм электр энергиясы тарифлерин арттырыўды 1-майға шекем кешиктириўди тапсырды. Алдын 1-апрельге белгиленген