Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.06.2022 18:00
  • 882

Президент «тонировка» мәселесине тоқталды

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев бүгинги өткерилип атырған жыйналыста «тонировка» мәселесине тоқталып өткен.

 

«Ҳәр бир реформамыз, усыныс ҳәм басламаларымыз, бул – ең алды менен инсан қәдири ушын. Сонлықтан, халқымызға қандай жеңилликлер берсек, олар бизлерден разы болады, деген сораў барлық басшыларды ҳәр күни, ҳәр минутта ойландырыўы керек.

 

Ҳәр сапары орынларға барғанымда әпиўайы адамлар менен ушырасып, машқалаларын тыңлайман, және қанша адамларымызда усындай машқалалар барлығы ҳаққында ойлайман ҳәм оған шешим излеймен.

 

Ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақларда көтерилип атырған мәселелерден де хабардарман.

 

Мине, бүгинги күнде елимизде жеңил автомашиналар саны 3,5 миллионнан артты. Транспорт басқарыўшыларымызда да көплеген наразылықлар жыйналып қалған.

 

Сонлықтан, бүгин транспорт басқарыўшылар ҳәм жолаўшылар көптен берли күткен, олардың кейпиятын көтеретуғын қарарға қол қойдым», - деген Президент.

 

Мағлыўматларға қарағанда, 2022-жыл 1-июльдан баслап:

 

- автомобильдиң артқы қаптал айналарын қарайтыў төлемлери бийкар етиледи, яғный бийпул болады;

 

- автомобильдиң алдынғы ҳәм артқы қаптал айналарын толық қарайтыў төлемлери 6 есеге шекем арзанлайды.

 

Сондай-ақ, ислеп шығарылғанына 10 жылдан көп болмаған жеңил автомашиналарды мәжбүрий техникалық тексериўден өткериў тәртиби бийкар етиледи.

 

10 жылдан 15 жылға шекемги болған жеңил автомашиналар – еки жылда, 15 жылдан артық болғанлары болса бир жылда бир мәрте техникалық тексериўден өткериледи.

 

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Магистратура қәнигеликлерине қысқы қабыллаў даўам етпекте

Магистратура қәнигеликлерине қысқы қабыллаў даўам етпекте

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў процесслерин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 2022-2023-оқыў

24 мәмлекетлик басқарыў уйымының шөлкемлестириў бойынша бойсыныўы өзгереди

24 мәмлекетлик басқарыў уйымының шөлкемлестириў бойынша бойсыныўы өзгереди

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 21-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық,

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы тайынланды

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы тайынланды

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен Фарход Уразбаевич Эрманов Хорезм ўәлаятының ҳәкими лаўазымынан босатылды ҳәм Қарақалпақстан