Telegram karinform

Фоторепортаж

  • 15.08.2022 13:00
  • 968

Қарақалпақстандағы археологиялық естеликлер: Пил қала (+фото)

 

Қарақалпақстан Республикасы Беруний районы аймағында жайласқан Пил қала археологиялық естелиги бизиң эрамызға шекемги IV-III әсирлер, сондай-ақ, эрамыздың IV-IX-XI-XIII-XIV әсирлерине тийисли археологиялық мәдений мийрас объекти болып есапланады.

 

Пил қала 1939-жылы белгили археологлар Сергей Толстов ҳәм Яхия Ғуламов тәрепинен қазып үйренилген. Мағлыўматларға қарағанда, ол ўақытта қала әтирапы батпақлық болған. Қазыў жумысларын алып барған археологлардың есаплаўы бойынша бул қала бизиң эрамыздың IV-VII әсирлеринде басқышпа-басқыш қурылған.

 

Бирақ, кейин ала археолог Вадим Ягодин бул қаланың тарийхы бирқанша алдын басланғанын анықлаған. Оның келтириўинше, дийўаллар дәслеп бизиң эрамызға шекемги IV әсирде қурылған болып, беккем етип қурылған сарайдың бир бөлеги болған ҳәм Африғ қаласы оның тырнағының үстине қурылған.

 

Белгили энциклопедист алым, жерлесимиз Әбиў Райхан Берунийдиң «Өтмиш әўладлардан қалған естеликлер» китабында Хорезмшахлар патшасы Африғ тәрепинен әл-Фир қаласы қурылғанлығы ҳәм ол өз дәўиринде Хорезмшахлар мәмлекетиниң әҳмийетли қалаларының бири болғанлығы ҳаққында мағлыўматлар бар. Қала аймағында алып барылған археологиялық қазыў жумыслары нәтийжесинде бул жерден Африғийлер дәўирине тийисли гүлал ыдыслар табылған.

 

Сондай-ақ, академик Я.Ғуламовтың «Хорезмниң суўғарылыў тарийхы» атамасындағы мийнетинде «Мәмлекет пайтахтын Табарий Мадинат әл-Фил, Истаҳрий, Ибн Ҳовкал ҳәм Мақдисийлер болса Кат ямаса Кас, Әбиў Райхан Беруний болса Фил ямаса Фир деп атайды» деп келтирип өткенлиги бул қаланың өз дәўиринде жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық жақтан үлкен әҳмийетке ийе болғанлығын көрсетеди.

 

Бул әййемги археологиялық естелик қам гербиштен қурылған болып, оның сыртқы дийўалларына шеңбер тәризли минаралар қурылған. Қала дийўалларының ени 6 метр, бийиклиги 10-11 метрге шекем жетеди.

 

Ҳәзирги ўақытта Пил қала археологиялық естелиги мәмлекет тәрепинен қорғаўға алынған болып, оның бүгинги күндегидей көринисин сақлап қалыў ҳәм келешек әўладларға жеткерип бериў ушын тийисли жумыслар әмелге асырылмақта.

 

Төменде Пил қаладан түсирилген фотосүўретлерди тамашалаўыңыз мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Автордың түсирген фотолары.

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Social

Усыныс етемиз

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Уқсас жаңалықлар

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

    Усы жылдың 20-март күни халқымыз ушын ең әзиз байрамлардан бири – Наўрыз үлкен салтанат пенен

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин. Бул бойынша нызам жойбары жәмийетшиликтиң...

Өзбекстанда аўыллық жерлерде туўылыўшылық қалаларға салыстырғанда көбирек

Өзбекстанда аўыллық жерлерде туўылыўшылық қалаларға салыстырғанда көбирек

    Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-февраль айларында, ПҲАЖ уйымларында республика бойынша 135 914 тири