Хабарыңыз бар, пайтахтымыз Нөкис қаласының Жаңабазар мәкан пуқаралар жыйыны аймағында дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары қызғын пәтлерде алып барылмақта. Бүгин аймақ өз атына сай жаңаша түске енип, халқымыз ушын мүнәсип турмыслық шараятлар жаратылмақта.
Усындай ийгиликли басламаға мүнәсип үлес қосыў, сондай-ақ, аймақ халқының, әсиресе, өсип киятырған жас әўладлардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, олардың кеўил кейпиятларын көтерип, жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде республикамыздағы жоқары билимлендириў мәкемелери жәмәәтлери тәрепинен итибарға ылайықлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети тәрепинен аймақтағы балалар ҳәм жас өспиримлериниң бос ўақтын мазмунлы өткериў, олар арасында спорт ҳәм саламатлық илажларының ғалабалығын тәмийинлеў мақсетинде спорт кийимлери және инвентарьлары саўға етилип, мини футбол, шахмат, шашка, волейбол спорт түрлери бойынша жарыслар шөлкемлестирилди.
Сондай-ақ, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және институттың Баслаўыш тәлим ҳәм Мектепке шекемги тәлим факультетлери басламасы менен аймақ турғынлары, балалар ҳәм жас өспиримлер қатнасыўында руўхый-ағартыўшылық илажы шөлкемлестирилди.
Илажда институт ўәкиллери сөзге шығып, жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 31 жыллығы менен қутлықлап, мәмлекетимиз тәрепинен халықтың абадан турмысы ушын исленип атырған бүгингидей жумыслардың әҳмийети ҳаққында атап өтти.
Илажда аймақтың мектеп жасындағы балалары ҳәм жас өспиримлерине жақынласып киятырған жаңа оқыў жылында мектепте зәрүр болған оқыў қураллары саўға етилди.
Өз гезегинде, ата-аналар бундай итибар ҳәм ғамқорлықлар ушын ҳүкиметимиз басшыларына, жоқары оқыў орынлары жәмәәтлерине айрықша миннетдаршылығын билдирди.
Институттың қәбилетли студент-жаслары ҳәм аймақ балаларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы, нақыл-мақаллар, қосықлар айтысы, атқарылған ҳәр қыйлы аяқ-ойынлар кеше қатнасыўшыларына көтериңки кейпият бағышлады.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.