«Уллы ойшыл ҳәм энциклопедист алым Әбиў Райхан Беруний туўылғанының 1050 жыллығын халықаралық көлемде кең түрде белгилеў ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2022-2023-оқыў жылларында уллы ойшыл ҳәм энциклопедист алым Әбиў Райхан Беруний туўылғанының 1050 жыллығы ЮНЕСКО қәўендерлигинде халықаралық көлемде кең түрде белгиленеди.
Қарар тийкарында:
- «Уллы Беруний мийрасы» халықаралық туристлик маршрутлары жолға қойылады;
- 2023-жыл жуўмағына шекем Қарақалпақстан Республикасы Беруний районында Әбиў Райхан Беруний комплекси қурылады;
- алымның илимий-дөретиўшилик мийрасына тийисли қолжазба ҳәм басқа мәдений байлықлар реставрацияланады;
- Илимлер Академиясының Қарақалпақстан бөлими ҳәм Хорезм Мамун академиясында мәдений мийрас объектлерин реставрациялаў ҳәм консервациялаўға қәнигелестирилген лаборатория шөлкемлестириледи;
- оқыўшылар арасында Хорезм ўәлаятында тийисли пән бойынша Әбиў Райхан Беруний атындағы халықаралық пән олимпиадасы өткериледи.
Сондай-ақ, Әбиў Райхан Беруний атындағы халықаралық сыйлық шөлкемлестириледи.
2022-жыл декабрьге шекем «Беруний ҳәм жаслар» арнаўлы бағдарламасы ислеп шығылып, алымның өмирине байланыслы мағлыўматлар, оның илимий-ағартыўшылық шығармалары жәмленген мобиль қосымша жаратылады.
Қарарға муўапық, алымның толық шығармалары дүркинин өзбек, қарақалпақ, рус, инглис, араб ҳәм парсы тиллеринде баспадан шығарыў жумыслары исленеди.