Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.08.2022 16:00
  • 735

Қарақалпақстандағы мектеплердиң баслаўыш класс оқыўшыларын аўқатландырыў тәртиби белгиленди

 

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жайласқан улыўма орта билим бериў мәкемелеринде саламат аўқатландырыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

 

Қарарға муўапық, атап өтилген аймақлардағы мектеплерде саламат аўқатландырыў системасын кейтеринг усылында шөлкемлестириўге байланыслы реже тастыйықланды.

 

Режеде кейтинг усылында хызмет көрсететуғын шөлкемлер таңлаўын өткериў, есаплаўларды өткериў, тағамлар бойынша қадағалаў орнатыў тәртиби белгиленди.

 

Атап айтқанда, оқыўшылар мектепте бир күнде бир мезгил аўқатландырылады.

 

Аўқатларды қадағалаў ушын мектеплерде 5 адамлық (директор, мийирбийке ҳәм ата-аналар ўәкиллери) арнаўлы комиссия дүзиледи.

 

Күнделик тағамнаманың дизими «Kundalik.com» платформасы арқалы жүргизиледи.

 

Еслетип өтемиз, усы жылдың апрель айынан баслап Қарақалақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында тәжирийбе сыпатында баслаўыш класс оқыўшыларына бюджет есабынан бийпул аўқат пенен тәмийинлеў системасы енгизилген еди.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

    Усы жылдың 20-март күни халқымыз ушын ең әзиз байрамлардан бири – Наўрыз үлкен салтанат пенен