Telegram karinform

Сиясат

  • 27.08.2022 11:00
  • 1269

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Тлеубаевич Орынбаев

 

Аманбай Тлеубаевич Орынбаев 1979-жылы Кегейли районында туўылған. Миллети қарақалпақ. Мағлыўматы жоқары. 2002-жылы Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Академиясын, 2004-жылы усы Академияның магистратурасын, 2011-жылы Өзбекстан Республикасы Стратегиялық анализлеў ҳәм прогнозлаў Жоқары мектебин тамамлаған.

 

Шымбай районы 56-санлы «Бердақ» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты.

 

А.Т.Орынбаев 1996-жылы Кегейли районы қурылыс-монтажлаў басқармасында исши болып мийнет жолын баслады. 2002-2003-жыллары Кегейли районлық Ишки ислер бөлиминиң жынаят излеў ҳәм шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў бөлимшесиниң оператив ўәкили, 2003-2004-жыллары Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Академиясының магистранты, 2004-2006-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң жынаят излеў ҳәм терроризмге қарсы гүресиў басқармасының аға оператив ўәкили, 2006-2009-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң жеке қурам бойынша арнаўлы инспекциясының оператив ўәкили, 2009-2011-жыллары Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Стратегиялық анализ ҳәм перспективаны белгилеў Жоқары мектебиниң тыңлаўшысы, 2011-2012-жыллары Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм нормативлик ҳүжжетлерди таярлаў бөлиминиң аға ҳуқық мәсләҳәтшиси, 2012-2014-жыллары Әмиўдәрья районлық Ишки ислер бөлими баслығының биринши орынбасары – жынаят излеў ҳәм шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў бөлими баслығы, 2014-2016-жыллары Әмиўдәрья районлық Ишки ислер бөлими баслығы, 2016-2017-жыллары Нөкис қалалық Ишки ислер бөлими баслығы, 2017-2019-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Жынаят излеў басқармасы баслығы, 2019-2020-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша орынбасары, 2020-2022-жыллары Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў бас басқармасы баслығының биринши орынбасары – жәмийетлик тәртипти сақлаўды шөлкемлестириў басқармасы баслығы, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Жәмийетлик қәўипсизлик департаментиниң Пробация хызмети баслығы, 2022-жылы Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, 2022-жыл 26-июльден ҳәзирги күнге дейин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Экология ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымларында жумыс алып барды.

 

Мийнет жолы даўамында ерискен нәтийжелери ушын 2013-жылы «Дўстлик» ордени, 2015-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист» ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.

 

Аманбай Тлеубаевич Орынбаев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң усы жыл 26-августтағы гезексиз отыз төртинши сессиясында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы болып сайланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Social

Усыныс етемиз

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Уқсас жаңалықлар

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт

Нөкисте пропан газ тасыўшы жүк машинасы аўдарылып кетти

Нөкисте пропан газ тасыўшы жүк машинасы аўдарылып кетти

    ЖТҲ айдаўшы басқарыўды жоғалтыўы нәтийжесинде жүз берген. Ҳәдийсе ақыбетинде ҳеш ким жарақат алмаған. Айрықша жағдайлар

Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды

Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды

    Ҳүкимет қарары менен Жоқары билимлендириў шөлкемлеринде студентлерге грантларды бериў ҳәм қайта бөлистириў тәртиби ҳаққындағы реже