Қарақалпақстан Республикасында жаслардың социаллық-экономикалық машқалалары, олардың пикир ҳәм усынысларын үйрениў, оларға биргеликте шешим табыў мақсетинде бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, усы бағдарда ислеп шығылған ҳәм әмелге асырылған «Нөкис қаласы тәжирийбеси» қарақалпақстанлы жаслар турмысында үлкен әҳмийетке ийе болды.
Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы мәлимлеме хызметиниң бизге хабар бериўинше, усы тийкарда пайтахтымыз Нөкис қаласында жаслар жетекшилери менен биргеликте 64 мәкан пуқаралар жыйынында үйме-үй жүриў арқалы хатлаў жумыслары өткерилип, 14-30 жастағы 75 мыңға шамалас жаслардың балансы толық қәлиплестирилди.
Жаслар балансы тийкарында анықланған ҳәр он бесинши жумыссыз ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж болған 4820 жас 19 түрдеги жәрдем бойынша «Жаслар дәптери» электрон платформасына киргизилди.
Солай етип, Нөкис қаласында Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен «Жаслар дәптери»не киргизилген жасларға әмелий жәрдем бериў, олардың социаллық-экономикалық машқалаларын шешиў жумыслары баслап жиберилди.
Агентлик қаржылары есабынан 311 жастың мобилизациялық шақырыў резервиндеги хызмети төлеми, 176 жастың транспорт басқарыў гүўалығын алыў ушын оқыў курсларының қәрежетлери ушын жәми 2,2 миллиард сум қаржы ажыратылды.
Сондай-ақ, «Жаслар дәптери»ндеги 677 жасқа өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде субсидия тийкарында кийим тигиў, қурылыс-оңлаў ҳәм басқа да жумысларда пайдаланылатуғын әсбап-үскенелер тапсырылды.
Жоқары оқыў орынларында оқып атырған, «Жаслар дәптери»не киргизилген қарақалпақстанлы жаслардан 833 студенттиң 3,7 миллиард сумлық төлемли контракт пулларының төлеп берилгенлиги быйылғы жылы мәмлекетимиз тәрепинен қарақалпақ жаслары ушын кең көлемли имканиятлар жаратылып атырғанлығының айқын дәлили болды.
Karinform.uz.