Telegram karinform

Сиясат

  • 21.09.2022 16:00
  • 660

Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Израиль делегациясын қабыллады

 

Бүгин, 21-сентябрь күни Израиль мәмлекетиниң Өзбекстан Республикасындағы елшиси Зеавит Бен Хилель, Израиль Сыртқы ислер Министрлиги жанындағы халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў агентлиги (MASHAV) баслығы Эйнат Шлейн Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың қабыллаўында болды. Бул ҳаққында Жоқарғы Кеңес мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Қабыллаўда Израиль мәмлекети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ортасында халықаралық бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери қарап шығылып, онда Израиль мәмлекетиниң алдынғы тәжирийбелери тийкарында жергиликли жаслар ҳәм қәнигелердиң билимин арттырыў, бирге ислесиў мақсетинде жаңа жойбарлар үстинде ислеў, сондай-ақ, жоқары оқыў орынлары студентлериниң билимин жетилистириў бағдарында семинар-тренинглер шөлкемлестириў мәселелери додаланды.

 

Соның менен бирге, аймақтағы суў тамтарыслығы жағдайында суўды үнемлеўши технологияларды буннан былай да ен жайдырыў, коллектор ҳәм ақаба суўларын қайта ислеў арқалы аўыл хожалығы егислик майданларында пайдаланыў, бул бағдарда Израиль тәжирийбелери тийкарында қәнигелердиң билим ҳәм көнликпелерин арттырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

 

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасының туристлик потенциалынан кеңирек пайдаланыў, бул бағдарда сафари тур ҳәм экотуризмди ен жайдырыў, сондай-ақ, аймақтағы қорықханалар, экзотикалық қумлы далаңлықлардың өзине тән тәбияты сыяқлы аймақ өзгешеликлерин көрсетиўди кеңнен жолға қойыў кереклиги айрықша атап өтилип, мийманлар бул бағдарда бирге ислесиўден мәпдар екенлигин билдирди.

 

Өз нәўбетинде, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев мийманлардың келиўинен миннетдар екенлигин билдирип, бирге ислесиўди жолға қойыўда жаңа басламаларды қоллап-қуўатлайтуғынлығын айтып өтти.

 

Social

Усыныс етемиз

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда ыссылық ҳәм ыссы суў тарифлери 2025-жылда қаншаға артыўы мәлим етилди

Өзбекстанда ыссылық ҳәм ыссы суў тарифлери 2025-жылда қаншаға артыўы мәлим етилди

    Өзбекстан ыссылық ҳәм ыссы суў тарифлери 2025-жыл даўамында 2 мәрте артыўы көзде тутылған. Бул ҳаққында

Алымлар көз операцияларының нәтийжелилигин арттырыў ушын жасалма интеллектти жаратты

Алымлар көз операцияларының нәтийжелилигин арттырыў ушын жасалма интеллектти жаратты

    Волгоград мәмлекетлик университети россиялы алымлар жасалма интеллект тийкарында медициналық мәлимлеме системасы модулин ислеп шықты.    Волгоград

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы