Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.10.2022 22:00
  • 799

Сәл кем ярым әсирлик тәжирийбеге ийе журналист пенен ушырасыў

  Усы жылдың 7-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң журналистика қәнигелиги студентлери белгили журналист Есенбай Ерманов пенен ушырасты. 

   Ушырасыўда студентлер Есенбай Ермановтың өмири ҳәм дөретиўшилиги менен жақыннан танысып, өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды. Сондай-ақ, 47 жыл даўамында дөретиўшилик пенен шуғылланып, 1000 нан аслам мақалалары газета ҳәм журналларда жәрияланған спорт журналисти студентлерге өзиниң тәжирийбелери менен бөлисти. Журналист «Күнделик дәптер тутың, ол ертеңги күни үлкен бир китаптың жазылыўына себеп болыўы мүмкин» деп болажақ журналистлерге өз мәсләҳәтлерин берди.

   Ушырасыў соңында Есенбай Ерманов студент-жасларға өзиниң қәлемине тийисли китапларын саўға етти. Бундай ушырасыўлардың тез-тезден өткерилип турылыўы болажақ журналистлер ушын пайдалы ҳәм әҳмийетли есапланады.

   Мағлыўмат ушын, Есенбай Ерманов «Еркин Қарақалпақстан», «Қарақалпақстан жаслары» газеталарында ислеген. 1994-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист» атағына мүнәсип деп табылған. Оның авторлығында «Жумабай жыраў Базаров», «Ақыл көзи менен қара», «Халқы кәдирлеген азамат», «Парыз», «Дәўлет қусы» гүрриңлер топламлары баспадан шыққан.

 

 

 

 

 

Шахноза-Бану Абдуллаева,

ⱩМУ қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 2-курс студенти

Фотолар авторы: Қабулбек Бегимов

Karinform.uz

 

 

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал