Telegram karinform

Мәденият

  • 27.04.2017 12:06
  • 2448

«Тафаккур синовлари» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы жуўмақланды

Алдын хабарлағанымыздай, «Тафаккур синовлари» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Мәденият сарайында болып өтти.

Онда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Еркинлик қанатлары», Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалының «Агронур», Өзбекистан мәмлекетлик мәденият ҳәм көркем өнер институты Нөкис филиалының «Талантлы жаслар», Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының «Әл Хорезмий», Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Ғәрезсизлик жаслары» ҳәм Ташкент педиатрия-медицина институты Нөкис филиалының «Ибн Сина әўладлары» командалары өз-ара 4 шәрт тийкарында күш сынасты. Таңлаў жуўмағында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Еркинлик қанатлары» командасы жәми 150 упай менен 1-орынды ийелеп, келеси аймақлық басқышқа жоллама алды.
Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда