Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.10.2022 17:00
  • 807

Шахмат жарысы жеңимпазларына футболка ҳәм майкалар берилгени бойынша Халық билимлендириў министрлиги рәсмий мүнәсибет билдирди

 

Социаллық тармақларда Нөкис қаласындағы 38-санлы улыўма билим бериў мектебинде спорттың шахмат түри бойынша мектеп оқыўшылары арасында өткерилген жарыстың Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазларына футболкалар ҳәм майкалар (ишки кийим) берилгени ҳаққындағы хабарлар қызғын додалаўларға себеп болған еди.

 

Жағдай бойынша Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги рәсмий мүнәсибет билдирди.

 

Атап өтилиўинше, 12-октябрь күни пайтахтымыздағы 38-санлы улыўма билим бериў мектебинде Өзбекстан «Ёшлик» денетәрбия ҳәм спорт жәмийети Қарақалпақстан бөлими тәрепинен шахмат бойынша мектеп оқыўшылары ҳәм муғаллимлери арасында жарыстың Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилип, жеңимпазларға спорт жәмийетиниң эмблемасы түсирилген футболка, шорты ҳәм дипломлар берилген.

 

Хабарда жазылыўынша, министрликте жарыс қатнасыўшылары ҳәм олардың ата-аналары менен ушырасыў өткерилип, жеңимпазлар министрлик тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланған.

 

Karinform.uz.

 

 

 

Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...