2022-жылдың 1-ноябрь сәнесинен баслап Karinform.uz сайты жәмәәти тәрепинен қарақалпақ тилиниң интернетте раўажланыўына үлес қосыў ҳәм сапалы контентти жаратыў мақсетинде википедияның қарақалпақша бөлимин жаңа мағлыўматлар менен толықтырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Бул жәмийетлик баслама басланған ўақытта қарақалпақша википедияда 2223 мағлыўмат болған болса, оған дәслепки 8 күнде жаңадан 74 мағлыўмат қосылып, олардың саны 2297 ни қурады.
Бул жәмийетлик басламаның жәмийетте кеңнен ен жайдырыў, оған басқа да қызығыўшыларды тартыў мақсетинде #KarinformWiki ҳештеги менен ҳәр түрли ылажлар әмелге асырылып атыр.
Солардың бири, жәмийетимиздиң раўажланыўына үлес қосқан, бүгинги күнде олардың ислеген жумыслары әўладлар ядында сақланып киятырған инсанлар ҳәм олардың мийнетлери, сондай-ақ, ҳәзирде түрли тараўларда жумыс ислеп өз тараўының раўажланыўына үлес қосып атырған, тағы да 1-ноябрь – 1-декабрь аралығында дүньға келген инсанлар ҳаққындағы мағлыўматлар да википедияға қосылды. Бул мағлыўматлардың интернетте жәрияланып атырғанлығы ҳаққында хабарлаў мақсетинде арнаўлы қутлықлаў қағазлары ислеп шығылды. Бул қағазлардың биринши бетинде мағлыўматлардың жайластырылғанлығы хабарланса, екинши тәрепинде QR-код жайластырылып, оны мобиль қурылма жәрдеминде сканерлеў арқалы википедиядағы мағлыўматқа өтиў мүмкин.
Егер сизиң де жақын инсаныңыз жәмийетимиздиң раўажланыўына үлес қосқан ямаса қосып атырған болса, #KarinformWiki ҳештеги менен Facebook ҳәм Instagram социаллық тармақларында пост жазсаңыз, биз, бул мағлыўматларды википедияға жайластырaмыз.
#KarinformWiki ҳештеги менен исленген жумыслар ҳаққында мағлыўматларды сайтымыздағы жаңадан ашылған KarinformWiki бөлиминен оқысаңыз болады.
Жойбар тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берип барамыз.
Сахибжамал Есемуратова,
Karinform.uz