
Ташкент қалалық «Истиқболли авлод» социаллық-информациялық орайының «Реинтеграция» жойбары тәрепинен 2011-жылдан берли бүгинги күнге шекем адам саўдасының қурбанына айланған 56 қарақалпақстанлы қызға әмелий жәрдем көрсетилген.
Бул туўралы «Истиқболли авлод» орайы менен бирге ислесиўши «Исеним» мәлимлеме-ағартыўшылық ресурс орайының қәнигеси Бердимурат Нурманов «Истиқболли авлод» орайы тәрепинен 19-20-декабрь күнлери Ташкент қаласында өткерилип атырған «Адам саўдасына қарсы гүресиў: реинтеграция бойынша нәтийжели әмелият» атамасындағы жуўмақлаўшы конференциядағы баянатында айтып өтти:
«Адам саўдасының қурбанына айланған инсанларды жәмийетке қайта сиңисиўине жәрдем бериў, оларға медициналық, психологиялық жәрдем көрсетиўге ҳәрекет етип атырмыз. Олар елимизге қайтқаннан соң көбинесе хызмет көрсетиў тараўында жумыс ислейди».
Адам саўдасының қурбанына айланған қызлардың елимизге қайтып келгеннен соң қайсы тараўларда жумыс ислеўи туўралы статистикалық мағлыўматлар

Сахибжамал Есемуратова