Telegram karinform

Экономика

  • 04.01.2023 13:00
  • 1304

Беруний районында «Мәҳәлле бюджети» системасы енгизилмекте

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәҳәлле бюджети» системасын енгизиў арқалы мәҳәллелердиң финанслық имканиятын буннан былай да кеңейтиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Өзбекстан бойлап салықларды өндириў көрсеткиши төмен болған 14 районда «Мәҳәлле бюджети» системасы ҳуқықый эксперимент тәризинде енгизилиўи белгиленди.

 

Мәҳәллелер кесиминде ислеў системасын жаңа басқышқа алып шығыў, физикалық тәреплерден алынатуғын мүлк салығы ҳәм жер салығын жыйнаў көрсеткишлерин арттырыў арқалы жаңа социаллық жойбарларды әмелге асырыў ушын қосымша қаржыларды тартыў мақсетинде тастыйықланған қарар тийкарында 2023-жыл 1-январьдан баслап Қарақалпақстан Республикасының Беруний районында усы система енгизилмекте. Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң бизге хабар бериўинше, бүгинги күнде районда улыўма 40 мәҳәлле болып, оларда 196 мың 400 адам жасайды. Мәлим болыўынша, ҳуқықый эксперимент тәризинде «Мәҳәлле бюджети» системасы райондағы барлық мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларында әмелге асырылады.

 

Қарарға муўапық, «Мәҳәлле бюджети» системасы енгизилип атырған районларда мүлк ҳәм жер салығы (турақ жай емес объектлердиң мүлк салығы ҳәм жер салығы буған кирмейди) бойынша өндирилген қаржылардың 10 проценти есап бериў айынан кейинги айдың 10-сәнесине шекем районлық бюджет арқалы тийисли Фондларға өткериледи.

 

2023-жыл 1-мартқа шекем мүлк ҳәм жер салығы бойынша есапланған, төленген қаржылар ҳәм салық қарыздарлықлары ҳаққындағы мағлыўматлардан мәҳәллелердиң реал ўақыт режиминде пайдаланыўы имканияты жаратылады.

 

«Мәҳәлле бюджети» системасы тийкарында қәлиплестирилген қаржылар «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы нызамда нәзерде тутылған пуқаралар жыйыны кеңеси тәрепинен басқарылады.

 

Бунда:

 

– пуқаралар жыйыны кеңеси жыйналысларында «Мәҳәлле бюджети» системасы тийкарында қәлиплестирилген қаржылардан пайдаланыў бағдарлары келисип алынады;

 

– пуқаралар жыйыны кеңеси қурамына мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша район (қала) ҳәкиминиң жәрдемшиси де киргизиледи.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал