Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.12.2017 19:56
  • 2164

Халық аралық конференция: гүзеге қойылған гүллер, жалғызлықта қалған инсанлар (репортаж+фото)

Халық аралық конференция: гүзеге қойылған гүллер, жалғызлықта қалған инсанлар (репортаж+фото)

Усы жылдың 19-20-декабрь күнлери Ташкент қалалық «Истиқболли авлод» социаллық-информациялық орайы тәрепинен «Адам саўдасына қарсы гүресиў: реинтеграция бойынша нәтийжели әмелият» атамасындағы жуўмақлаўшы конференция өткерилип атырғанлығы туўралы өткен мақалаларымызда хабар берген едик. Бул конференцияда адам саўдасына қарсы гүресиў, оның алдын алыў, бул туўралы халыққа кең түрде информация жеткерип бериў, адам саўдасы қурбанларын елине қайтып келгеннен соң оның жәмийетке араласыўына жәрдем бериў ҳәм бул теманы ғалаба хабар қуралларында дурыс сәўлелендириў туўралы мәселелер қаралмақта.
Адам саўдасы тек ғана бир адам ямаса бир топар, шөлкемге ғана тийисли машқала емес. Ол пүткил жәмийетке, ондағы барлық пуқараларға тийисли. Буны усы шөлкемниң волонтёрлары усы конференция даўамында әжайып бир көринис сыпатында көрсетип берди. Яғный, адам саўдасына қарсы гүресиў, оннан жәбирленгенлерди жәмийетке қайтарыў ушын үлес қосып атырған шөлкемлер ҳәм адамлар ушын зал ортасында турған гүзеге гүллер салынды. Буның терең мағанасы бар. Бир машқаланы шешиў ушын пүткил жәмийет ҳәрекет етиўи кереклиги усындай сулыў ҳәрекетлер менен көрсетилди.

Халық аралық конференция: гүзеге қойылған гүллер, жалғызлықта қалған инсанлар (репортаж+фото)

Халық аралық конференция: гүзеге қойылған гүллер, жалғызлықта қалған инсанлар (репортаж+фото)

Сондай-ақ, адам саўдасының қурбаны болған адамды жәмийет қабылламай атырғанлығы, бирақ, оны шөлкемлер қоллап-қуўатлап атырғанлығын сәўлелендириўши кишкене, бирақ, мәниси терең сахналық көринислер қойып берилди. Буларды төмендеги сүўретлер арқалы да көриўиңиз мүмкин.

Халық аралық конференция: гүзеге қойылған гүллер, жалғызлықта қалған инсанлар (репортаж+фото)


Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,