Сатылымлар рейтингинде Apple биринши орынды ийеледи. Пайдаланыўшылар ең көп қайсы моделлерди сайламақта?
Apple компаниясынын IPhone 15 модели 2024-жылдың үшинши шерегинде дүнья бойлап ең көп сатылған смартфонға айланды. Оннан кейин IPhone 15 Pro Max ҳәм IPhone Pro турыпты. Бул ҳаққында Counterpoint Research компаниясының Global Handset Model Sales Tracker мағлыўматларында келтирилди.
Samsung глобал көлемдеги ең көп сатылған смартфонлар топ 10лығындағы дизимде бес орынды ийелеп, жоқары абыройын сақлап қалды. Оннан кейинги орында Apple – бул брендтиң телефонлары он орынның төртеўин ийеледи. Дизимниң төменлеўинде Xiaomi де бир орынды бәнт етти. Бул рейтингдеги бөлистириў 2023-жылдан берли өзгериссиз қалып атырғаны қарыйдарлар турақлы абзал көретуғын моделлерди көрсетпекте. Олардың жоқары сападағы телефонларға болған қызығыўшылығы артып барыўы менен IPhone ның тийкарғы версиясы ҳәм Pro моделлери ортасындағы сатылымның парқы әсте қысқармақта. Итибарлы тәрепи сонда, үшинши шеректе дәслепки рет IPhone улыўмалық сатылымының ярмы Pro версиясына туўры келеди. Бул өзгерис Apple'ға қымбатырақ қурылмаларды сатыўға ийтермелеўге жәрдем береди, дейди экспертлер.
Раўажланып атырған базарларда тутыныўшылар IPhone'ның соңғы моделлерин таңлап атыр. Бул өз нәўбетинде, Apple'дың саўда көлемин арттырмақта. Усы тенденция қаржыластырыў схемалары ҳәм айырбаслаў усыныслары менен еле де қоллап-қуўатланбақта. Олар дәраматы төменирек болған адамлар ушын да IPhone'ның ең соңғы моделлерин сатып алыў имканын береди.
Samsung Galaxy S24 2024-жылдың үшинши шерегинде избе-из үшинши мәрте топ онлықтағы орынды сақлап қалды. Буннан тысқары, 2018-жылдан берли биринши мәрте Galaxy S сериясы жоқары онлыққа кирди. Galaxy S24 сериясының сатылымлары тийкарынан GenAI имканиятларына қаратылған күшли маркетинг себепли көбейди.
Samsung Galaxy A сериясы түрли аймақларда кең тарқалған ҳәм басланғыш және орта баҳа сегментиндеги ирилеў қарыйдарлар топарларына бағдарланғанлығы себепли рейтингде төрт орынды ийеледи. Samsung бул қурылмаларға бәсекилес баҳаларды белгилеп, олардағы дәстүрий тәмийнат «өмирин узайтпақта».
Xiaomi'дың Redmi 13C модели өткен жылдың Redmi 12C орнын ийелеген ҳалда, арзанлығы ҳәм раўажланып атырған базарлардағы орны себепли избе-из екинши шерек даўамында дизимдеги орнын сақлап қалды. Аналитиклердиң пикиринше, бул смартфон өз сегментинде баҳасы жағынан ажыралып турады ҳәм ең жақсы функцияларды усынады.
Apple ҳәм Samsung премиуим сегментиндеги орынларды Apple Intelligence ҳәм Galaxy AI жасалма интеллекти жәрдеминде беккемлеўди даўам еттирмекте. Бул оларға кейинги рейтинглерде жетекшиликти сақлап қалыўға жәрдем береди.