Ишимлик ҳәм ақаба суў ушын төлемлер тек электрон формада қабылланады, кәмбағал шаңарақлар реестри қәлиплестириледи, автономерлер ушын төлемди әмелге асырыў аңсатластырылады, «Mиннетлемелер реестри» институты енгизиледи – 1-декабрьден нелер өзгереди?
1.«Миннетлемелер реестри» институты енгизиледи.
2024-жыл 1-декабрьден суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлардың ҳүжжетлериниң сөзсиз әмелге асырылыўын тәмийинлейтуғын «Миннетлемелер реестри» институты шөлкемлестириледи.
Бунда:
– Қарыздар мал-мүлки жоқлығы себепли өндириў имканияты болмағанда, ол ҳаққындағы мағлыўматлар мәжбүрий тәртипте реестрға киргизиледи;
– Қарыздар ҳаққында мағлыўмат реестрға киргизилгеннен кейин оған қарата атқарыў ҳүжжети тийкарында қолланылған барлық шеклеўлер сақлап қалынады;
– Реестрге киргизилген қарыздардың мал-мүлки ҳәм пуллары анықланғанда мәжбүрий атқарыў ҳәрекетлери даўам еттириледи.
2.Басым ҳәм зорлықтан жәбирленген шахсларға социяллық хызмет кѳрсетиў жақсыланады.
2024-жыл 1-декабрьден бир календарь жыл даўамында еки ҳәм оннан артық басым ҳәм зорлық жағдайы бойынша мүрәжат етилгенде ишки ислер органлары тәрепинен қорғаў ордери баслама тәртибинде бериледи.
3.Кәмбағал шаңарақлар реестри қәлиплестириледи.
2024-жыл 1-лекабрьден «Мәҳәлле жетилиги» тәрепинен кәмбағал шаңарақлардың социяллық жағдайын ҳәм кәмбағаллыққа түсиў себеплерин үйрениў нәтийжесинде Социяллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен Кәмбағал шаңарақлар реестри дүзиледи.
4.Мийўе-палыз ѳнимлери жетилистириўшилерин баҳалаў системасы енгизиледи.
2024-жыл 1-декабрьден фермер ҳәм дийқан хожалықларының абырайын арттырыў, қайта ислейтуғын ҳәм экспорт ететуғын кәрханаларға кѳмеклесиўге қаратылған «Мийўе-палыз ѳнимлери жетилистириўшилерин баҳалаў» системасы енгизиледи.
5.Жеке меншик бәнтлик агентликлери тәрепинен лицензия алыў ушын резерв қылынатуғын қәрежетлер муғдары кемейтиледи.
Миграция агентлиги тәрепинен билимлендириў шѳлкемлеринде сырт елге жумысқа кетежақ болған пуқараларды кәсип-ѳнер ҳәм шет тиллерине оқытыў бойынша буйыртпаларды жайластырыў тәртиби енгизиледи. Жеке меншик бәнтлик агентликлери тәрепинен лицензия қылынатуғын қәрежетлер муғдары БЕМның 8500 есесинен 4000 есесине шекем түсириледи.
6.Автономерлер ушын тѳлемди әмелге асырыў аңсатластырылады.
2024-жыл 1-декабрьден баслап автотранспорт қуралларын дизимнен ѳткериў ЖҲҚХ мобиль қосымшасы, рәсмий веб-сайты, «Call» орайы яки ЖИМХП арқалы әмелге асырылыўы мүмкин.
7.Ишимлик ҳәм ақаба суў ушын тѳлемлер тек электрон формада қабыл етиледи. Ѳзбекстанда 1-декабрьден ишимлик ҳәм ақаба суў хызметлериниң тѳлемлери тек электрон формада қабылланады.
Атап ѳтилиўинше, бул тараўда ашықлықты тәмийинлеў ҳәм коррупциялық жағдайларға шек қойыў мақсетинде әмелге асырылмақта. Енди бақлаўшы ҳәм суў тәмийнаты хызметкерлерине тѳлемлерди нақ пул кѳринисинде әмелге асырыў тоқтатылады. Тутыныўшылар тѳлемлерди әмелге асырыўда ѳзи ушын қолайлы ҳәм тез болған тѳмендеги қураллардан пайдаланыўы мүмкин:
– cabinet.uzsuv.uz жеке кабинети арқалы;
– @uzsuvbot (https://t.me/uzsuvbot) Telegram боты арқалы;
– Электрон тѳлем системалары (Click, Paynet, Alif Mobi, Payme, Oson, Uzum Bank) ҳәм тѳлем инфокиосклары, коммерция банк кассалары және де шақапшалары, почта бѳлимлери арқалы.
8.Айырым имаратларды пайдаланыўға тапсырыў тоқтатылады.
Аймақлық инспекциялар дизиминен ѳткерилмей қурылыс-монтаж жумыслары әмелге асырылған имаратлар бойынша тийисли ҳүжжетлерди рәсмийлестириў ҳәм пайдаланыўға руқсат бериў жумыслары 2024-жыл 31-декабрьден тоқтатылады.