GM Uzbekistan қоспа кәрханасы Chevrolet Malibu бизнесс-класс седанын ислеп шығара баслады, деп
хабар тарқатты Gazeta.uz.
SKD технологиясы бойынша автомобиль жыйнаў GM Uzbekistanның Ташкенттеги филиалында әмелге асырылады. Машина алдынғысына салыстырғанда үнемли ҳәм технологиялық болыўы менен бирге, қәўипсизлик ҳәм қолайлық көрсеткишлери де бирқанша көбейтилген. Жаңа модел пүткиллей басқаша ишки ҳәм сыртқы көриниси, заманагөй техникалық қурылмалар менен тәмийинленгенлиги менен ажыралып турады.
Автомобиль 186 ат күшине тең 2,5 л көлемдеги двигатель, жанар май сарпланыўын 100 км.ге 10,8 л ге шекем кемейиўин тәмийинлейтуғын 6 басқышлы жаңа әўлад автоматластырылған трансмиссия менен үскенеленген. Басқарыўшы ҳәм жолаўшыларды қорғаў системасы жетилистирилген – машина 8 қәўипсизлик матрасы (атап айтқанда, жоқарыда ҳәм арқа орындағы жолаўшылар ушын), турақлы курс ҳәм антибуксир системасы менен тәмийинленген.
Эргономикалық ҳәм электрон системалар функционаллығы жақсыланған, орайлық консол 7 дюйм диагоналлы тачскрин экранға ийе MyLink кеўил ашар-информациялық комплексине ийе. Салондағы шаўқымды азайтыў системасы белгиленген нормалар арқан ўақытта электронлы басқарыў блогы сигналларының автоматластырылған түрде сорылыўын тәмийинлейди.
Автомобильди гилтсиз аралықтан басқарыў (двигательди қосыў ямаса өшириў, есиклер ҳәм жүк бөлмесин аралықтан турып ашыў ҳәм қулпырыў), руль шеңберин еки басқарыўшы ушын белгиленген температура өлшемлерин сақлап қалыў өзгешелигине ийе қыздырыў имканияты бар. Өзбекистан базарына машина төрт реңде шығарылады: сүт реңли, ақ реңли, тойғын күлреңли ҳәм қара реңли.
Хабарда жазылыўынша, автомобильлер үш айдан артық болмаған мүддетте жеткерип бериледи. Мағлыўматларға қарағанда, автомобильдиң баҳасы 210 млн сўмды (халықаралық пластик карта бойынша есаплаўда – 110,852 млн сўм) қурайды.