Telegram karinform

Мәденият

  • 27.12.2017 13:31
  • 2209

2017-жылдың неологизмлери

2017-жылдың неологизмлери

Тилимизге жаңа сөзлердиң кирип келиўи ҳәм керисинше, қолланыўдан шығып қалыўы оғада жеделлик пенен әмелге аспақта. Өтип баратырған быйылғы жылы жаслар арасында кең тарқалған неологизмлерди билесиз бе?

1. Хайп – шум көтериў мақсетинди исленген ҳәрекет. Пиар ямаса өзин-өзи реклама етиўде алдына адам салмайтуғынларға қарата айтылған неологизм – хайп. Бул сөздиң этимологиясы анық болмаса да, YouTube ықласбентлериниң арасында кең тарқалған.

2. Эщкере – паразит сөз. Рэп атқарыўшысы «Face»тиң мыңлаған ықласбентлери түсиниксиз тилдеги жаңа сөзди кең ен жайдырып жиберди. Бул сөздиң мәнисин дерлик ҳешким билмейди. Солай болса да, басқалардан қалмаў ушын бул сөзди қолланып жүргенлер де бар. Ал қосықшының өзи бул сөздиң чикаголы гангста рэперлердиң көп қолланатуғын сөзи екенлигин айтқан.

3. Биткоин – 2017-жылдың тийкарғы санлы валютасы. Бир ўақытлары хакерлер ҳәм Интернет тармағы белсендилериниң ойыншығы болған криптовалюта бүгинлигинде тийкарғы қаржы дәрегине айланды. Ҳәзирги ўақытта капиталластырыў системасында дүнья жүзилик валюталардың «ТОП-5»лигине кирген.

4. Спиннер – нервти тынышландырыўда пайдаланылатуғын ойыншық. Бүгин дүньяның барлық еллерине тарқалып үлгерди. Сәл ҳәрекетке келтирсеңиз үзликсиз айланып туратуғын бул ойыншық тек ғана жас өспиримлер, кишкене балалардың емес, ал белгили адамлар ҳәм исбилерменлердиң де хоббисине айланған. Ал Google болса ойыншықтың виртуал нусқасын жаратты. Енди оны айландырып, бирнеше минут монитор арқалы бақлап отырыў мүмкин.

5. Компромат – зыялы ямаса атақлы адамның атына дақ түсириў мақсетинде топланған информация. Қолыңызда компромат болса ҳеш нәрседен қорқпасаңыз да болады. Өйткени, кем-кемнен адамгершилик деген түсиник азайып баратырған жәмийет ушын биреўди қорқытыў арқалы пайда алыў қыйын жумыс емес. Пайда таба алмаса Интернетке жүклеп жибереди де, қызығын көрип отырады. Социаллық тармақларға ағза болғанлығымыз себепли, тойда ҳәз етип ойнап, көшелерде артықша ҳәрекет ислей алмайтуғын да болдық. Өйткени, әтирапта компромат топлаўшылар көп.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Уқсас жаңалықлар

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

    Президент ҳүкиметке газ ҳәм электр энергиясы тарифлерин арттырыўды 1-майға шекем кешиктириўди тапсырды. Алдын 1-апрельге белгиленген

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

    Усы жылдың 20-март күни халқымыз ушын ең әзиз байрамлардан бири – Наўрыз үлкен салтанат пенен

Өзбекстанда аўыллық жерлерде туўылыўшылық қалаларға салыстырғанда көбирек

Өзбекстанда аўыллық жерлерде туўылыўшылық қалаларға салыстырғанда көбирек

    Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-февраль айларында, ПҲАЖ уйымларында республика бойынша 135 914 тири