Telegram karinform

Мәденият

  • 29.12.2017 13:46
  • 2178

Алтыннан қуйылған ёлка, 150 жыл алдын басланған дәстүр, Санта-Клаустың суўынларының атлары – жаңа жылға байланыслы қызықлы мағлыўматлар

Алтыннан қуйылған ёлка, 150 жыл алдын басланған дәстүр, Санта-Клаустың суўынларының атлары – жаңа жылға байланыслы қызықлы мағлыўматлар

Жаңа жыл байрамы – дүньядағы ең қуўанышқа толы байрамлардың бири есапланады. Ҳәммемиз жаңа жылдан жаңа бахыт күтемиз. Сол себепли де, биз төменде усы байрам менен байланыслы болған қызықлы мағлыўматларды жәриялаўды мақул көрдик.
1. Үйлерге жаңа жыл ёлкасын алып келип, безеў буннан 150 жыл алдын басланған.
2. Жаңа жылды рус халқы буннан үш әсир алдын 1-сентябрь күни белгилеген. Патшалық тахтына Петр I келгеннен соң бул сәне 1-январьға көширилген.
3. Австралияда байрам дастурханына қус гөшинен таярланған тағам тартылмайды екен.
4. АҚШта АҚ үй алдындағы ёлкаға ең дәслеп 1895-жылы ҳәр қыйлы реңдеги электр лампалары қыстырылған.
5. Бурынғы Аўқам ўақтында сүўретке алынған «Тағдыр ҳәзили ямаса қустай жеңил болың!» («Ирония судьбы, или с легким паром») кинофильми телеканалларда 35 жылдан берли 31-декабрь күни бериледи.

Алтыннан қуйылған ёлка, 150 жыл алдын басланған дәстүр, Санта-Клаустың суўынларының атлары – жаңа жылға байланыслы қызықлы мағлыўматлар

6. Жаңа жылда не ушын салют атылатуғынлығын билесиз бе? Бул дәстүр Азияда қәлиплескен. Адамлар салюттың шаўқымы менен ушқынларынан жаманлық қашады деп есаплаған.
7. Бразилияның Рио-де-Жанейро қаласында дүньядағы ең үлкен ёлка орнатыылғган. Оның бийиклиги – 76 метр.
8. Аяз атаның ақлығы болған Қар қызы өткен әсирдиң 50-жылларында «дүньяға келген».
9. 1516-жылы Англияда Генрих VIII ниң үй алдына қурылған ёлкасы алтыннан қуйылған.
10. Жаңа жыл ёлкасын безеў ең дәслеп Эльзас (сол ўакытлары Германия қурамында болған, ҳәзирде Францияға қараслы) қаласында басланған. Безеў ушын ҳәр қыйлы реңдеги қағазлардан гүллер исленген. Ёлканың шақаларына алма, печенье, қантлар ҳәм конфеталар тағылған.

Алтыннан қуйылған ёлка, 150 жыл алдын басланған дәстүр, Санта-Клаустың суўынларының атлары – жаңа жылға байланыслы қызықлы мағлыўматлар

11. Санта-Клаустың суўынларының атлары: Дэшер, Дэнсер, Прэнсер,. Виксен, Комет, Кюпид, Доннер, Блитцен.
12. Жаңа жыл ёлкасын безеў ушын қолланылатуғын айналы ёлка шары ең дәслеп XVI әсирде Тюринги қаласында соғылған. Усы сыяқлы басқа да ёлка ойыншықлары XIX әсирде ғалабалық түрде ислеп шығарыла басланған.
13. 1843-жылы Лондонда ең дәслепки ашық қутлықлаў хаты басып шығарылған.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

        Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко