Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.01.2018 15:56
  • 1899

БИР көшеге қойылған ЕКИ ат (оқыўшыдан хат)

БИР көшеге қойылған ЕКИ ат (оқыўшыдан хат)

Мәкеме, көше, дүканлардың ҳәм тағы басқа халыққа хызмет көрсетиў орынларында жазылған сөзлерде қәтелер баршылық. Мақаланы алысқа кетпей өзим жасайтуғын көшемизден басламақшыман. Бизлер пайтахтымыздағы Ислам Кәримов гүзарында жайласқан Атағулла Худайбергенов атындағы көшеде жасаймыз. Оның аты 2017-жылы «Мийўалы», бәлки «Мийўели» деп өзгертилди. Соң көшемиздиң басына көшениң аты жазылған тахтайшалар илдирилди. Турғынларға да көшениң аты менен жай номери жазылған тахтайшалар сатылды. Көшемиз Ислам Кәримов гүзарынан өткенлердиң бәрине көринеди. Бирақ, бир ашынарлы жағдай көшениң атында анықлық жоқ. Көшемиздиң оң тәрепиндеги үйлерге «Мийўалы» ал, шеп тәрепиндеги үйлерге «Мийўели» деп жазылған. Усы тахтайшада жазылған еки түрли жазыў көшемиздиң сәнин бузып тур, адамлардың қол менен көрсетип күлип кетиўине себеп болмақта.

БИР көшеге қойылған ЕКИ ат (оқыўшыдан хат)

Басқа машқалалардың қасында бул кишкене бир машқаладай көринер. Бирақ, нәрестеге ат қойып атырғанда, сениң атың «Мийўагүл» ямаса «Мийўегүл», екеўин де айтып жүребер деп, паспортқа еки түрли атын жазбайды-ғо. Қәте болсын, дурыс болсын, адамға да, буйымларға да тек бир ат бериледи. Усы көше турғынлары да көшемизге берилген атқа анықлық киргизилиўин қәлейди.

Шахзада Алимбетова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын...

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

    Кеше, 3-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында Айрықша жағдайлар министрлигинде хызмет өтеп атырған әпиўайы әскер