Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.01.2018 11:13
  • 2102

1-январьдан алкогольдиң баҳасы көтерилди

1-январьдан алкогольдиң баҳасы көтерилди

Өзбекистан Финанс министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитети 2018-жыл 1-январьдан алкоголли өнимлер ушын жаңа ең кем көтере-сатыў ҳәм усақлап сатыў баҳаларын тастыйықлады. Бул ҳаққында gazeta.uz хабар бермекте.
Ислеп шығарыўшылар ушын виноның ең кем көтере сатыў баҳасын 1 литр ушын 5400 сўмнан 6500 сўмға, ең кем усақлап сатыў баҳасы болса 6500 сўмнан 7800 сўмға (20%) көтерилди.
Арақ ҳәм өткир алкоголли өнимлер ушын көтере сатыў баҳасы алдыңғы 12,9 мың сўм орнына ең кеминде 16 мың сўм, усақлап сатыў баҳасы болса 15500 сўмның орнына 19,2 мың сўм етип белгиленди.
Коньяктиң ең кем көтере сатыў баҳасы 17,2 мың сўмнан 22 мың сўмға, усақлап сатыў баҳасы болса 20,6 мың сўмнан 26,4 сўмға (28%) көтерилди.
Алкоголь өнимлерин усы баҳалардан төмен баҳаларда сатыў қадаған етиледи.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстандағы мектеплерде 12-январьдан оқыў процеси басланады – ХБМ

Қарақалпақстандағы мектеплерде 12-январьдан оқыў процеси басланады – ХБМ

    Қарақалпақстан Республикасындағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринде 2023-жылдың 12-январь күнинен баслап дәстүрий (офлайн) тәризде

Беруний районында «Мәҳәлле бюджети» системасы енгизилмекте

Беруний районында «Мәҳәлле бюджети» системасы енгизилмекте

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәҳәлле бюджети» системасын енгизиў арқалы мәҳәллелердиң финанслық имканиятын буннан былай да кеңейтиў

Жумысы сапластырылатуғын мәмлекетлик басқарыў уйымлары мәлим болды

Жумысы сапластырылатуғын мәмлекетлик басқарыў уйымлары мәлим болды

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 21-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық,