
«Репрессия қурбанлары естелиги» музейиниң дүзилип атырғанлығы ҳаққында алдынғы мақалаларымызда айтып өткен едик. Экспозицияны шөлкемлестириўден мақсет XIX әсирдиң екинши ярымында Патша Россиясының Орта Азияны басып алыў процесинде ҳәм де кейинги жылларда республикада жүз берген көтерилислер ҳәм көтерилис қатнасыўшыларының жазаланыўын тарийхый фактлер, ҳүжжетлер, фотосүўретлер ҳәм басқа да дәреклер тийкарында көрсетиўден ибарат.
Музей Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 22-ноябрьдеги «Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Репрессия қурбанлары естелиги музейи ҳәм ўәлаятларда Жоқары оқыў орынларында Репрессия курбанлары естелиги музейин шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық шөлкемлестирилмекте.
Сахибжамал Есемуратова