Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.01.2018 12:20
  • 2578

ҚМУ факультет жетекшилеринен наразылық! Ўәде етилген үстеме ҳақы қайда, жаслар аўқамы?

ҚМУ факультет жетекшилеринен наразылық! Ўәде етилген үстеме ҳақы қайда, жаслар аўқамы?

(Karinform сайтына жаслар аўқамының факультет жетекшилери хат жоллап, усы мәселени шешип бериўди сораған еди. Бул мәселеге жуўап қайтарыўды жаслар аўкамынан сорап қаламыз).

Өткен жылы август-сентябрь айларында Өзбекистан жаслар аўқамының жоқары оқыў орынларындағы басланғыш шөлкемлериниң ҳуқықый-нормативлик базасы қәлиплестирилип, сентябрь айында барлық жоқары оқыў орынларында жаслар жетекшилери ҳәм ҳәр бир факультетте жетекшилер сайланды. Бизиң университетимизде 10 факультет жетекшиси Өзбекистан жаслар аўқамының уставында көрсетилген қағыйдалар бойынша сайланып, усы оқыў жылында-ақ өзлериниң жумысларын баслап жиберди. Жетекшилердиң мойнына көплеген тапсырмалар жүклетилди. Факультетлерде турақлы түрде илажлар өткериў, студентлердиң белсендилигин арттырыў ҳәм тағы да басқа есап тапсырыў сыяқлы миннетлемелер. Биз олардан жумыс талап етип атырмыз, бирақ, оларға ўәде етилген ең кем ис ҳақының 3 есеси муғдарындағы үстеме ҳақысын төлеў ямаса олардың ҳуқықларын қорғаў ҳешкимниң де ойына келип атырған жоқ. Олар сентябрь айынан жумыс баслаған болса, өткен жылдың төрт айы қуры ўәдепазлық пенен жуўмақланды. Тапсырылған ўазыйпалардың ҳәдден зыят көп екенлиги, буның үстине ўәде етилген үстеме ҳақының берилмегенлигинен айрым факультетлерде жаслар жетекшилиги ўазыйпасын тапсырыў нийетинде жүргенлер де жоқ емес. Дурыс, олар тек ғана ис ҳақы ушын ислеп атырған жоқ. Факультет жетекшилериниң басшылығында алып барылған жумыслар республикалық көлемде мақтаныш етиўге арзыйды. Олар арасында өткерилген илажларға өз есабынан саўға ҳәм дипломлар таярлап атырғанлары да көп. Бул қаржыларды қайсы мәкемелердиң есабынан төлениўин билмедик. Бирақ, бул жаслар аўқамының мойнына жүклетилген. Усындай белсендилик көрсетип атырған жасларға ўәде етилген үстеме ис ҳақыларын бериў керек, деп ойлаймыз.
Енди, барлық үмит жаңа жылдан. Өзбекистан жаслар аўқамы, ўәделериңди қашан орынлайсаң?!

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында