Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.01.2018 17:37
  • 2700

Жылдың атамасы не болды? «Белсенди» ме яки «Жедел»…

Хабарыңыз бар, өткен жылдың 22-декабрь күни Өзбекистан Республикасының Президенти Ш.Мирзиёев кирип киятырған жаңа жылға «Фаол тадбиркорлик, инновацион ғоялар ва технологияларни қўллаб-қувватлаш йили» деп ат бериўди усыныс етти ҳәм жыйналғанлар тәрепинен мақулланды.
Көпшилик жылдың атамасы қандай болар екен, деп күтип отырған еди. Жыл атамасы қарақалпақ тилине «Белсенди исбилерменлик, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» деп аўдармаланып, республикалық «Еркин Қарақалпақстан» газетасының 2017-жыл 23-декабрьдеги №154-155 (20085) қоспа санында жәрияланды.

Жылдың атамасы не болды? «Белсенди» ме яки «Жедел»…
Жылдың атамасы не болды? «Белсенди» ме яки «Жедел»…

Өзбекистан Республикасының сиясий турмысындағы ўақыяларды көбирек сәўлелендиретуғын Өзбекистан миллий мәлимлеме агентлиги (ӨзА)ниң материалларын қарақалпақ тилине аўдармалайтуғын Қарақалпақстан хабар агентлигиниң рәсмий веб-сайтында да жыл атамасы «Белсенди исбилерменлик, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» деп жәрияланды.

Жылдың атамасы не болды? «Белсенди» ме яки «Жедел»…

Ал, арадан көп ўақыт өтпей-ақ, «Еркин Қарақалпақстан» газетасының 2018-жылдың 16-январь сәнесиндеги №8 (20094) санында, 2-бетте Өзбекистан миллий мәлимлеме агентлиги (ӨзА)ниң «Нәтийжели сыртқы сиясат – реформаларды ҳәм жаңаланыўларды әмелге асырыўдың әҳмийетли шәрти» атамасындағы материалда жыл аты «Жедел исбилерменлик, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» деп көрсетилген.

Жылдың атамасы не болды? «Белсенди» ме яки «Жедел»…

Сондай-ақ, усы газетаның 2018-жылдың 18-январь күнги №9 (20095) санында, 2-бетте газетаның арнаўлы хабаршысы Ә.Оразовтың «Рашидтиң азаматлық ислери» атамасындағы материалының рубрикасына «Жедел исбилерменлик, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» деп жазылған.

Жылдың атамасы не болды? «Белсенди» ме яки «Жедел»…

Алағадалық пайда болды… Жылдың қарақалпақша аты қандай өзи? «Белсенди» ме ямаса «Жедел»?
Егер мен қарақалпақ тилинде жазылған жыл атамасының баннерин ислетпекши болсам қайсы бирин сайлайман? Қайсысы дурыс?
Бул жерде машқала болып көринип турған «белсенди» ямаса «жедел» сөзлериниң өзбек тилиндеги аўдармасы болған «фаол» сөзиниң русша «активный» (Годом поддержки активного предпринимательства, инновационных идей и технологий) болып аўдармаланатуғынлығын есапқа алсақ, бизиң пикиримизше, «белсенди» дурыс аўдарма болып табылады.
Н.А.Баскаковтың редакторлығында жарық көрген русша-қарақалпақша аўдарма сөзликтиң 21-бетинде «активный» сөзи «белсенди, искер» деп аўдарма исленген.
Ал, «жедел» сөзи көбирек «тез, пәт пенен» деген мәнилерде ис-ҳәрекетке байланыслы қолланылады.
Жыл атамасына байланыслы пикирлер ҳәр қыйлы. Ең тийкарғысы, усы қарақалпақ тилиниң нормаларын есапқа ала отырып, аўдарма ислеп, оны жәриялаў мақсетке муўапық деп ойлаймыз.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

    Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлар рейтингинде 68-орынды ийеледи, деп хабар береди Daryo.uz. Бул ҳаққында Passport

1-февральдан баслап поезд билетлери баҳалары қымбатлайды

1-февральдан баслап поезд билетлери баҳалары қымбатлайды

    2025-жылдың 1-февраль сәнесинен баслап Өзбекстан поезд билетлери баҳалары қымбатлайды. Бул ҳаққында «Өзбекстан темиржоллары» акционерлик жәмийети

60 түрдеги өнимлер ушын бажысыз импорт режими және бир жылға узайтылды 

60 түрдеги өнимлер ушын бажысыз импорт режими және бир жылға узайтылды 

    Тутыныў базарларында баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде өсимлик майы, сары май, мәйек, банан, цитрус мийўелер, ун,