
Karinform.uz сайты Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист, «Ардақлаў-2016», «Ардақлаў-2017» сыйлығының лауреаты Гүлнара Мунтеева менен оның балалық демлери туўралы сәўбет шөлкемлестирди.
Гүлнара Мунтеева үйинде 100 жылдан берли сақланып киятырған бесик туўралы айтып берди:
- Үйимде мен ҳәм меннен үлкен туўысқанларым жатқан 100 жыллық бесик бар. Бул бесик елеге шекем таза ҳалында сақланған ҳәм онда мениң ақлықларым да жатыр. Оған бирде-бир шеге қағылмаған. Уста соншелли дәрежеде жақсы, шебер етип соққан. Ол бесикти көргенимде үкелериме ҳәййиў айтып бесик шайқағанларым есиме түседи. Кишкене ўақтымнан қосық айтыўға қатты қызыққанман. Үкелериме де қосық айтып берип уйқлататуғын едим.
Сахибжамал Есемуратова