Бурынғы өткен заманда байлығы менен мақтанатуғын бир ҳүкимдар болған екен. Ол қай жерге бармасын, ғәзийнесинен бир қысым алып, оны басқаларға көрсетип мақтанады екен. Бир күни ол өзиниң ең исенген алым достысына сораў берди:
- Сен алымлардың ишинде ең атақлысы ҳәм данасысаң. Мен сениң пикириңди билмекшимен. Мениң ҳүкимдарлығым ҳәм байлығым ҳаққында не дейсең?
Алым жуўап бериўдиң жолын тапты ҳәм ҳүкимдарға былай деди:
- Мысалға алайық, сиз ушы-қыйыр жоқ шөлистанның қақ ортасында турыпсыз. Сол ўақытлары тамағыңыз кеўип, шөлледиңиз. Бирақ, жасап қалыў ушын сизиң ярым байлығыңыздың есабына бир кесе суў берсе, сиз буған разы болармедиңиз?
- Әлбетте, разы боламан.
- Арадан бираз ўақыт өтти. Шөлиңиз және де күшейди, қалған ярым байлығыңыз ушын сизге және бир кесе суў усынылады, сиз сол ўақытта қандай ис тутқан болар едиңиз?
Ҳүкимдар бираз ойланып, илажсыздан жуўап қайтарды:
- Тири қалыў ушын мен байлығымның қалғанын да бериўге мәжбүрмен, - деди.
Сонда алым мыйығынан күлип:
- Демек, мақтаныўға қәжет жоқ, ҳүкимдар. Сиздеги байлықтың баҳасы бары-жоғы еки кесе суў екен, - деди.
Топлаған:Сахибжамал Есемуратова