
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 2017-жылы энергетика, метрология, өнимлердиң сапасын стандартластырыў ҳәм менеджмент, 2018-жылы туризм ҳәм 2019-жылы менеджмент бойынша бакалавриатура бағдарында студентлерди таярлаўшы жаңа тараўлар ашылыўы режелестирилген. Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрель күнги ПҚ 2909 қарарына муўапық бакалавр ҳәм магистратура бағдарларында жаңадан қәнигеликлер ашылыўы күтилмекте.
Сахибжамал Есемуратова