
Журналист Арыўхан Турекеева қарақалпақ журналистикасының раўажланыўына үлес қосқан ҳәм қосып атырған журналистлердиң атларын өзиниң мақаласында санап өтти. Олардың қатарынан Е.Ерманов, А.Халмуратов, О.Сәтбаев, Т.Худайбергенов, Ө.Өтеўлиев, П.Хожамуратова, Қ.Байниязов, Қ.Реймов, С.Жаниевлардың атлары келтирилген. Журналист оларға таланты менен мийнетиниң арқасында журналистикаға «алтын көпир» салды, деп тәрийп берген.
Арыўхан Турекеева бул ҳаққында республикалық «Қарақалпақстан жаслары» газетасының 2018-жыл 8-февральдағы №6 (7970) санының 4-бетинде «Журналистиканың бүгинги машқалалары яки мүлгиген журналистлерди оятың…» атамасындағы мақаласында келтирип өткен.
Сахибжамал Есемуратова