Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.02.2018 15:13
  • 2179

Қыялдың күши (аўдарма)

Қыялдың күши (аўдарма)

Браўн узақ саяхаттан соң, кеште мийманханаға барады. Ол мийманхана хызметкеринен «Бул жерде бос бөлме барма?», - деп сорайды. Сол ўақытта және бир саяхатшы мийманханаға келип, ол да бос бөлме сорайды. Мийманхана хызметкери тек еки адамлық бир бөлмениң бар екенлигин айтады. «Егер екеўиңиз бир бөлмеде түнеп қалыўға разы болсаңыз, оның гилтин сизлерге беремен. Және де сизлерге арзанырақ болады. Себеби, екеўиңиз оның пулын бөлисип төлейсиз», - дейди хызметкер.
Еки саяхатшы да бул пикирге разы болмайды. Бирақ, сол гезде бирден нөсерлеп жаўын жаўып кетеди, олар басқа мийманханаға барыў ушын жүдә шаршаған еди. Соң олар сол мийманханада түнеп қалыўға разы болады. Олардың затлары ишке алып кириледи ҳәм екеўи жаўын менен жолдас болған ҳалда уйқыға кетеди. Түн ортасында Мырза Браўн қатты даўыстан оянып кетеди.
- Кеширерсиз, мен сизди оятып жибердим. Мен астма кеселине шалынғанман. Өзимди жаман сезип атырман. Оған қосымша басым да аўырып атыр. Егер мениң өлиўимди қәлемесеңиз тезирек айнаны(терезени) ашың», - дейди Мырза Браўнның жолдасы.
Мырза Браўн кроватынан секирип түсип, жолдасын излей баслады. Бирақ, бөлме қараңғылығы себепли жолдасын табыў қыйын болды. Лекин, наўқас жолдасының ыңырсып «Ҳаўа, ҳаўа… маған таза ҳаўа керек. Мениң аҳўалым жаман», деген сөзлеринен жолдасын таўып алады. Соң Мырза Браўн айнаны ашыўға ҳәрекет етеди. Бирақ, айна ҳә дегенде ашыла бермейди. Аўырған жолдасының ыңырсыған даўысы қаттырақ шыға бергенинен қәўетерленген Мырза Браўн тез де отырғышты алып айнаны сындырады. Наўқас жолдасы ыңыраныўын тоқтатып, оннан миннетдар болады ҳәм өзин жақсы сезип атырғанын айтады. Солай етип екеўиде тыныш уйқыға кетеди.
Азанда турғанда айнаның (терезе) жабық ҳәм пүтин екенлигин, лекин, айнаның (адам қарайтуғын айна) сынғанлығын көрип ҳайран болады.
Әне, қыялдың күши. Адамзат өзин ҳәр қандай нәрсеге исендирсе, оған ҳәмме нәрсениң шешими аңсат ғана болып көринеди.
Инглис тилинен аўдармалаған

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

    Әжинияз шайырдың 200 жыллығы мүнәсибети менен шығармалары түркмен тилине аўдармаланып китап ҳалында басылып шықты. Онда

#KarinformWiki – қарақалпақша википедияны раўажландырыўға өз үлесиңизди қосың (+видео)

#KarinformWiki – қарақалпақша википедияны раўажландырыўға өз үлесиңизди қосың (+видео)

    Интернетте қарақалпақ тилиндеги материаллардың санын көбейтиў сондай-ақ, қарақалпақ тилиндеги сапалы контентти жаратыў мақсетинде 1-декабрь –