Telegram karinform

KarinformWiki

  • 31.10.2022 21:00
  • 2102

#KarinformWiki – қарақалпақша википедияны раўажландырыўға өз үлесиңизди қосың (+видео)

 

Интернетте қарақалпақ тилиндеги материаллардың санын көбейтиў сондай-ақ, қарақалпақ тилиндеги сапалы контентти жаратыў мақсетинде 1-декабрь – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен Karinform.uz сайты редакциясы жанынан #KarinformWiki жойбарын баслап атырмыз.

 

 

Википедияның бүгинги күндеги әҳмийети, қарақалпақ ҳәм басқа тиллердеги википедиялар сондай-ақ, оның басқа тиллердеги раўажланыў басқышлары ҳаққында алдынғы мақаламызда жазып өткен едик. Бул жәмийетлик басламада ана тилимиздиң жанкүйерлери болған  ҳәр қандай инсан қатнасыўы ҳәм қарақалпақ тилиниң интернетте раўажланыўына үлес қосыўы мүмкин. Ҳәзирде қарақалпақ тили мағлыўматлар санына муўапық ислеп шығылған дизимниң 243 орнын ийелемекте.

 

Жойбарда Қарақалпақстанның районлары, тарийхый ҳәм географиялық атамалары, белгили жазыўшы ҳәм шайырлары, тарийхый ўақыялар, әҳмийетли сәнелер, мәмлекетлик, сиясий ҳәм көркем өнер ғайраткерлери ҳаққындағы материалларыңыз бенен қатнасыўыңызға болады. Бунда сиз өзиңиз жазған материалды Facebook ҳәм Instagram социаллық тармақларында #KarinformWiki ҳештегин белгилеў арқалы материалыңызды жәрияласаңыз болады. Ал, Telegram мессенжеринде болса, Karinform.uz сайтының @Karinformuzbot ботына жоллаўыңыз керек болады.

 

Бул мағлыўматлардан тысқары, дүнья жүзине белгили болған адамлар ҳәм ўақыялар ҳаққында, сондай-ақ, Wikipediaның талабына муўапық, онда барлық тиллерде берилиўи шәрт болған дизимдеги материаллары аўдарма ислеўиңиз де мүмкин. Буларға қосымша, өзиңиз билген ҳәм қызыққан темаларыңыз, тараўларыңыз ҳаққында мақалаларыңызды жоллаўыңызға болады. 

Биз, 2022-жылдың 1-октябрь сәнесинен 31-октябрь сәнесине шекем 200 ден аслам жаңа мағлыўматларды киргиздик, және усы көлемдеги мағлыўматларды редакторладық. Мәселен, Тилеўберген Жумамуратов, Исмайыл Қурбанбаев, Кевин Картер, Халық аралық студентлер күни, Топырақ қала, Пил қала, Төлеген Айбергенов, Қыдырбай Сайыпов, Гүлайша Есемуратова, Сарыгүл Баҳадыровалар ҳаққындағы мақалаларды мысал сыпатында келтирсек болады.

 

Егер сизде қарақалпақ википедиясына туўры келетуғын, жоқарыда атап өтилген тематикаларға сәйкес баҳалы мағлыўматлар болса (текст, фото), биз бенен бөлисиң. 1-декабрь – Қарақалпақ тили байрамы қарсаңында усы жойбар шеңберинде әмелге асырылған жумыслар ҳаққында қосымша мағлыўматлар беремиз.

 

Сахибжамал Есемуратова,

Karinform.uz сайты редакторы

Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Муғаллим телефонды алып қойыўға ҳақысы жоқ дейсиз бе, алжасасыз! (+ видео)

Муғаллим телефонды алып қойыўға ҳақысы жоқ дейсиз бе, алжасасыз! (+ видео)

    Өзбекстан Республикасы Конституциясында Билимлендириў шөлкемлери аймағында ҳәм аудиторияларында телефонлардан пайдаланыў тәртиби белгиленген. Билимлендириў шөлкемине келгенде

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

    Бүгинги күнде китап оқыйтуғын адамлар көпшиликти қураса да, технологиялар, соның ишинде интернет раўажланып, өмиримиздиң бир

Билесиз бе, айдаўшы жолда сизге ылай шашыратып кетсе жәриймаға тартылады (видео)

Билесиз бе, айдаўшы жолда сизге ылай шашыратып кетсе жәриймаға тартылады (видео)

Транспорт басқарыўшыларының автомобилди пиядалар жолларынан (тротуар) жүргизиўи, пиядаларға ылай шашыратыўы базалық есаплаў муғдарының екиден бир бөлеги...