Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.10.2022 23:00
  • 869

Қарақалпақ тилиндеги википедияны раўажландырыў – әҳмийетли мәселе

 

Википедия – көп тиллик, еркин интернет энциклопедия есапланып, оған қәлеўшилер тәрепинен мағлыўматлар жазылыўы ҳәм толықтырылыўы мүмкин. Бүгинги күнде түрли тараўлардағы мағлыўматлар ҳәм мақалалар менен байытылып, оның пайдаланыўшыларының саны күннен-күнге артып бармақта. Онда бүгинги күнде 329 тилдеги мақалалар орын алған.

 

Википедияға жайластырылған мағлыўматлар санынан келип шыққан ҳалда тиллердиң дизими ислеп шығылған. Бүгинги күнде википедияның қарақалпақша бөлими 2131 мағлыўмат пенен усы дизимниң 242-орнын ийелеген. Википедияда жазылыўынша, бул мағлыўматлар администратор Нурлан Пиржанов  тәрепинен жайластырылған болып, ол 1200 ден аслам мағлыўматты жазып, 200 ден аслам аўдармаларды редакторлаған.

 

Қарақалпақ википедиясы 2008-жылдың 26-май сәнесинде жаратылған болса, июнь айында оған администраторлар таңланған. 2014-жылы август айында ондағы мақалалардың саны 1000 нан, 2022-жылдың сентябрь айында болса 2000 нан асламды қурады. Қарақалпақша википедияға https://kaa.wikipedia.org/wiki/Bas_bet силтемеси арқалы кириў мүмкин.

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 21-октябрьдеги пәрманы тийкарында өзбек тилиндеги википедияны раўажланырыў, оны әҳмийетли болған мағлыўматлар менен толықтырыўға айрықша итибар қаратылды. Марафон шеңберинде викистипендия, викилагерь шөлкемлестирилип, белсенди жаслар тәрепинен өзбек тилиндеги мағлыўматлар толықтырылып, олардың саны 179 110 ды қурап, дизимде 54-орынды ийеледи. Марафон 2022-жылдың май айынан декабрь айына шекем даўам етиўи жобаластырылған.

 

Бундай марафонлар қурамында қарақалпақ тилинде де белгили тулғаларымыз, тарийхымыз ҳаққындағы мағлыўматларды толықтырыў бүгинги күнниң талабы деген ойдамыз. Себеби, ХХI әсирде интернетте өз тили болмаған тил өли тил есапланады.

 

Салыстырыў ушын, Алтай тиллер семьясының түркий тиллер топарына кириўши ҳәм ҳәзирде 300 мың адам сөйлесетуғын Гагаўыз тили (Молдавияда жасаўшы халық) 2 802 мақала менен дизимде 232-орынды ийелеген. Бүгинги күнде Нөкис қаласында жасаўшы халықтың саны 2022-жылдың 1-июль жағдайы бойынша 332,1 мың адамды қурайды. Бизиң бир ғана пайтахтымыз халқының санынан аз болған гагаўыз тилинде сөйлесиўши адамлар ушын жаратылған мағлыўматлардың саны қарақалпақ тилиндегиден әдеўир көп. Бундай мәселелер ушын бәлким, көплеген қаржы, грантлар, оның редакторлары ушын гонорарлар талап етилетуғын шығар. Бирақ, биз бул нәрсениң қаншелли дәрежеде әҳмийетли екенлигин дәлиллеў мақсетинде кишкене жойбар баслаў керек деген ойдамыз. Қарақалпақ тилин интернетте раўажландырыў мақсетинде жәмийетлик баслама сыпатында усы мәселе көтерилип, жәмийетимиздиң алдынғыларының қоллап-қуўатлаўы менен мағлыўматларды толықтырыў мәселеси көрилип шығылса, келешек әўлад үшын пайдалы болар еди. Биз, Қарақалпақ тилин интернетте раўажландырыў мақсетинде 2017-жылы усы Karinform.uz сайтымызды жаратып, онда тийкарынан мақалаларды қарақалпақ тилинде жазыўға ҳәрекет етип атырмыз.

 

Мағлыўмат ушың, википедиядағы ең көп мағлыўматларға ийе тил инглис тили болып, бул тилде 56 703 443 мағлыўмат, соннан 6 561 056 мақала 1027 администратор тәрепинен жазылып, интернетке жайластырылған. Инглис тилиндеги википедия 121 100 белсенди пайдаланыўшысына ийе.

 

Бизге жери қоңсылас, тили жақын болған Орайлық Азия мәмлекетлериниң тиллеринде де мағлыўматлар әдеўир баршылық. Википедияның қазақ тилинде 232 336 мақала жайластырылған болып, ол дизимниң 44-орнын, қырғыз тилиндеги мағлыўматлар саны 80 702 ни қурап, 77-орынды ийелеген.

 

Сахибжамал Есемуратова

Karinform.uz

Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Әлбетте, организм, әсиресе, қыс айларында бул витаминге көбирек мүтәжлик сезеди. Балалар ушын бул жүдә әҳмийетли. Қыста...

Денениң суўсызланғанлығын анықлайтуғын тест

Денениң суўсызланғанлығын анықлайтуғын тест

    Организмде суў дәрежеси жетерли екенлигин анықлаў ушын әпиўайы тест бар. Қол терисин әсте шымшып, соң

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы