Telegram karinform

Спорт

  • 14.02.2018 18:09
  • 2038

Ең әўметсиз пенальти тебиўши футболшы, Пелениң пенальтиден урған 1000-голы – пенальти ҳаққындағы қызықлы мағлыўматлар



Massaget басылымы пенальти ҳаққында қызықлы мағлыўматларды жәриялады. Оны дыққатыңызға усынамыз.
Он бир метрлик жәрийма тобы – «футбол лотореясы» деп аталып, оны орынлаў үлкен жуўапкершилик талап етеди. Себеби, пенальтиден гол урылса ямаса керисинше болса, бул ойынның нәтийжесине де тәсир етиўи мүмкин.



Тарийхта ең дәслепки он бир метрлик жәрийма тобын тебиўди ирландиялы дәрўазаман Уильям Маккрам усыныс еткен. Ең дәслепки пенальти 1891-жылы Англияда «Вулверхэмптон» ҳәм «Аккрингтон» командалары арасындағы ойында әмелге асырылған.
Игорь Пономарев бурынғы Аўқам тарийхындағы ең жақсы пенальти тебиўши болған. «Нефтчи» командасының ойыншысы мәмлекет чемпионатында ҳәр ойында он бир метрлик жәрийма тобын теўип, қатарасына 26 ойында пенальтиден гол урған.
Аргентиналы Мартин Палермо футбол тарийхындағы ең әўметсиз пенальти тебиўши сыпатында белгили. Ол 1999-жылы Колумбия сайланды командасына қарсы ойында үш пенальти теўип, биреўин де голға айландыра алмаған.



1969-жылдың 19-ноябрь сәнесинде дүньяға белгили футболшы Пеле өз карьерасында бир мыңыншы голын урды. Бразилиялы футболшы тарийхый голын «Васко да Гама» клубына пенальтиден урған.
Бразилияның «Сан-Паулу» клубының дәрўазаманы Сени Рожерио 100 гол урып, рекорд орнатқан. Ол өз дәрўазасын жақсы қорғаў менен бирге, ҳәр қыйлы жәрийма топларын теўип 56 гол, ал пенальтиден болса 46 гол урыўға ерискен.
1968-жылы Европа кубогының ярым финалында бурынғы Аўқам ҳәм Италия арасындағы есап 0:0 болып қалады. Сол ўақыттағы қағыйда бойынша финалға шығатуғын команда тыйын таслаў арқалы анықланады. Нәтийжеде Италия сайланды командасы финалға шығады. Усы ўақыядан соң футбол төрешиси Карл Вальд ким күшли екенлигин пенальти тебиў арқалы анықлаўды усынды. Бул идея ўақыт өтип әмелге асырылып, бүгинге шекем қолланып келинбекте.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда