Хабарыңыз бар, Karinform.uz сайтында жәрияланған «ПОРТАЛ керек пе ямаса ЖУРНАЛИСТ? Журналистиканың төртинши ҳәкимият сыпатындағы орны қайда қалды?»
атамасындағы мақала жүдә көп пикир-таласларға себеп болмақта.
Дәслеп, бул мақалаға бириншилерден болып, Арыўхан Турекееваның пикирлери сәўлеленген «Журналистиканың бүгинги машқалалары яки мүлгиген журналистлерди оятың…»
атамасындағы мақаласы республикалық «Қарақалпақстан жаслары» газетасының 2018-жыл 8-февральдағы №6 (7970) санының 4-бетинде басылып шықты. Газетада басылған бул мақаладан соң интернет ҳәм социаллық тармақлардан улыўма хабары жоқ журналистлердиң «С.Есемуратова деген ким?», «Фейсбук деген не?» деген сораўлары көбейип кеткенлигин еситтим. Бул биз ушын жетискенлик.
Ал, жақында усы мақалаға және бир белгили журналисттиң жуўап мақаласы басылып шықты. «Қарақалпақстан жаслары» газетасының 2018-жыл 15-февраль №7 (7971) санында Пердегүл Хожамуратованың «Журналистлер, буны дабыл деп билиң…» атамасындағы мақаласы жәрияланды. Белгили журналист өзиниң мақаласында алдынғы мақалаларға пикир билдирген. Ондағы айырым пикирлерди мақуллаған, ал айырымларын бийкарлаған. Сайтымызда жәрияланған мақала журналистлер ортасында кең түрде талқыланып атырғанлығынан қуўанышлымыз. Бирақ, бул мақалаға тек ғана баспасөз журналистлери пикир билдирмекте. Ал, радио ҳәм телевидение журналистлеринен еле «сес жоқ». Бәлким, олар бундай дәўирлерди әллеқшан басып өткен шығар…
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: 👉
https://t.me/karinformuzСахибжамал Есемуратова