
Хабарыңыз бар, жақында Өзбекстан ҳаял-қызлар комитети ҳәм Өзбекстан жаратыўшы ҳаял-қызлар аўқамы елимиздеги қәбилетли ҳаял-қызлар ортасында «Өзбекстан ҳаял-қызларының 100 ең жақсы инновациялық жойбары» Биринши Республикалық таңлаўын өткерди.

Бул республикалық таңлаўда Қарақалпақстаннан 5 ҳаял-қыз жеңимпаз деп табылды. Олардан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети доценти, ф.и.к., университет ҳаял-қызлар шөлкеми баслығы И.Сейтназарова, ҚМУ үлкен оқытыўшысы Н.Пирниязова, ҚМУ ассистенти Р.Калимбетова, «Массагет Нукус тур» ЖЖШ мийманханасы баслығы Д.Джиенбекова, «Нукус Гули мед» медициналық кәрханасы баслығы Г.Хожамуратовалардың жойбарлары ең жақсы деп табылды.

Таңлаўдың соңында усы жойбарлардың арасынан 10 жойбар халық аралық жойбар деп табылды. Қуўанышлы тәрепи сонда, бул 10 жойбардың арасында университет ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми баслығы Инжайым Сейтназарованың да жойбары ең жақсы деп баҳаланды.
Таңлаў төмендеги номинациялар бойынша өткерилди:
1. Ең жақсы жаратыўшы;
2. Ең жақсы пайдалы модель;
3. Ең жақсы санаат үлгиси;
4. Ең жақсы ЭЕМ ушын жаратылған бағдарлама, мағлыўматлар базасы;
5. Ең жақсы рационализаторлық усыныс;
6. Ең нәтийжели инновациялық жойбар;
7. Ҳаял-қызлар илимий жәмийетиниң ең нәтийжели инновациялық жойбары;
8. Киши бизнес ушын ең нәтийжели инновациялық жойбар;
9. Билимлендириў тараўындағы ең нәтийжели инновациялық жойбар;
10. Әўметли старт;
11. Оқыўшы қыздың ең перспективалы инновациялық идеясы.

Таңлаўда өз дөретпелерин, рационализаторлық усынысларын, инновациялық жойбарларын экономика тармақларына енгизиў нийетинде жүрген алым, докторант, оқытыўшы, қәбилетли студент, оқыўшы қызлар, жаратыўшы, рационализатор, инженер, конструктор, бағдарламашы, шыпакер, фармацевт, қәниге ҳәм исбилермен ҳаял-қызлар өз жойбарлары менен қатнасты. Ал, ўақтынша жумыссыз ҳаял-қызлар болса, өзлери жасап турған орындағы Ҳаял-қызлар комитетиниң усынысы тийкарында идеяларын усынды.


Сахибжамал Есемуратова