Британияның Чешир графлығында 12 жаслы мектеп оқыўшысы IQ (ақылый жақтан раўажланыў коэффициенти) сынағында әжайып нәтийжени көрсетти. Рожгаури Павар исимли ҳинд қызы бул сынақта 162 баллды
қолға киргизди.
Қыздың IQ көрсеткиши 160 баллға тең болған Стивен Хокинг ҳәм Альберт Эйнштейнниң көрсеткишинен де жоқары екенлиги анықланды.
Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, Рожгаури көрсеткен нәтийжени дүнья бойынша 18 жасқа шекемги болғанлар арасында көби менен 20 мың адам көрсетиўи мүмкин. 162 балл – усы жастағылардың көрсетиўи мүмкин болған ең жоқары IQ көрсеткиши есапланады.
Рожгаури Павардың рекорды ҳаққындағы хабардан соң оған Mensa атамасындағы абырайлы Британия жәмийетине ағза болыў усынысы билдирилди. Бул жәмийетке IQ көрсеткиши орташадан жоқары болғанлар қабыл етиледи.