Тәжикстандағы Сарез көлинен 23 километр шығыста 12-май күни жергиликли ўақыт пенен саат 07:48де жер силкинген. Бул ҳаққында Kun.uz
хабарлады.
Эпицентрде жер силкиниўлериниң күши 4 баллды, көлдиң өзинде болса 3 баллды қураған. Мағлыўматларға қарағанда, жәбирленгенлер болмады.
Сарез көли күшли жер силкиниўи нәтийжесинде жүзеге келген болып, таўдың таслары Мурғаб дәрьясында 567 метр бәлентликте тәбийғый бөгетти пайда еткен. Ҳәзирги ўақытта көлдеги суўдың көлеми 17 километр куб сыпатында баҳаланады, көлдиң узынлығы 70 км, максимал өлшенген тереңлиги 500 метр.
Экспертлер көлди «уйқыдағы айдарҳа» деп атайды ҳәм оның қәўпи ҳаққында ескертип келмекте. Бөгет жарылып кетсе, көлдиң суўы Бартанга, Пандж ҳәм Әмиўдәрья ағысы бойлап халық жасайтуғын посёлкаларға сел болып урылады. Тәжикстан, Түркменстан, Өзбекистан ҳәм Аўғанстан қәўиптиң тийкарғы орайында болып, айрым болжаўларға қарағанда, апатшылық 600 мың адамды өмирден алып кетиўи мүмкин.