
«Евровидение-2017» қосықшылар таңлаўы эфирге берилип атырған ўақытта македониялы қатнасыўшы Яна Бурческаға жақсы көрген жигити турмыс қурыўды усыныс етти деп хабар берди Russian.rt.com.
Нәтийжени күтип отырған Яна Бурческаның қасында турған жигит оның алдында дизе бүгип, оннан турмысқа шығыўын сорады. Буны күтпеген қосықшы көзлерине жас алды ҳәм разы болды. Мағлыўматларға қарағанда, бул Евровидение тарийхында туўрыдан-туўры эфир ўақтында дәслепки турмыс қурыў усынысы екен.
Сахибжамал Есемуратова