Telegram karinform

Мақала

  • 16.05.2017 07:45
  • 3134

Дыққат, ҚЫДЫРЫЎ! Қаяққа?

Дыққат, ҚЫДЫРЫЎ! Қаяққа?

Көптен берли ғалаба хабар қуралларында «ҚЫДЫРЫЎ» деген сөзге жийи-жийи көзим түсетуғын болып қалды. Булардың барлығы тек ғана бир мәниде: кимдур бир нәрсесин жойтқан ямаса жақын инсанын… Оларды излеп табыў мақсетинде «ҚЫДЫРЫЎ» жәриялаған. Айтқандай, мен жаңа ғана «излеп табыў» дедим бе?!
Есимизди танығанлы берли үйдегилер жақын әғайинлеримиздиң үйине мийман болып баратуғын болсақ «Бүгин қыдырып қайтамыз» десе, бизлер ғаўырласып «Қаяққа?» дейтуғын едик (Кимди? емес). Қыдырыў – бул излеў дегени ме ямаса ел аралаў, гезип жүриў ме? Усы сораўлар мени тыныш қоймай жүрди. Ақыры, ең жақсысы миллий сөз байлығымыздың жыйнағы – түсиндирме сөзлигимизге жүзлендим. Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлигиниң III томы, 204-бетинде бул сөзге түсиндирме берилген екен. Китапта көрсетилиўинше, қыдырыў – ел аралаў, гезиў дегенди аңлатады екен. Бул мен ушын анық жуўап болды.



Күни кеше жәмийетимиздиң айнасы болған «Қарақалпақстан» телеканалындағы «ҚЫДЫРЫЎ»ға көзим түсип бираз гүрсиндим. Дурыс, бул өзбек тилиниң тәсиринде кирип келген сөз болыўы мүмкин. Деген менен, оның эквиваленти бизде жоқпеди?! Әлбетте, бар!!! Шет тиллериндеги дерлик ҳәр бир сөздиң эквиваленти бизиң ана тилимизде бар. Өйткени, белгили алым Шоқан Ўәлийханов: «Егер түркий тиллердиң барлығын түсингиң келсе, дәслеп қарақалпақ тилин үйрен», - деп бийкарға айтпаған.
Сол «ҚЫДЫРЫЎ»дың да нағыз аўдармасы – ИЗЛЕЎ. Егер басқа тиллерден кирип келип атырған сөзлерди бир-еки ҳәрибин «қарақалпақшалап» аўдармалай берсек, тилимиз байымайды, керисинше ӨЛЕДИ. «Қидирув»ды қыдырыў, «маънавият»ты мәнаўият, «маърифат»ты мәғриўпәт деп ала берсек… Буның менен мен тилимиздиң, сөз байлығымыздың көбейиўине қарсылық билдирмекши емеспен. Мен ана тилимизде эквиваленти бола турып, оны пайдаланбай, умытып кетпеўди ҳәм оны келешек әўладларға жеткерип бериў ҳаққында өз пикирлеримди билдирдим…

Ислам Матеков
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Уқсас жаңалықлар

Самолёттың қайсы бөлеги қәўипсизрек?

Самолёттың қайсы бөлеги қәўипсизрек?

    Қәнигелердиң пикиринше, борттағы ең қәўипсиз жер самолёттың артқы тәрепиниң үштен бир бөлеги. АҚШ Пуқаралық Авиация

Германия топырақтаныў институты студентлери Арал теңизи топырақларын үйренбекте

Германия топырақтаныў институты студентлери Арал теңизи топырақларын үйренбекте

    Суў ресурслары ҳәм топырақларды турақлы және комплексли басқарыў жәмийеттиң турақлы раўажланыўы ушын шешиўши әҳмийетке ийе.

Дыққат, изленбекте!!!

Дыққат, изленбекте!!!

Усы жылдың 30-июнь күни саат 05:25 лерде намәлим транспорт басқарыўшысы анықланбаған автомашинаны Нөкис районы «Ақмаңғыт» АПЖ...