Ҳиндстанлы шыпакер Чандаули қаласы Уттар-Прадеш штатының 22 жаслы қыздың асқазанынан 150 тири қурт алған деп хабар береди fishki.net.
Неху Бегам бир ай даўамында иши қатты аўырғанын ҳәм жүреги көтерилип атырғанлығын айтқан. Жергиликли шыпакерлер операция жолы менен 150 қуртты алып таслаған. KG Nanda Hospital емлеўханасының шыпакери Ананд Пракаш Тивари алдын ҳешқашан бундай жағдайға дус келмегенлигин атып өткен.
Неху Бегамның айтыўынша, оған бирден диагноз қойыў кыйын болған: «Бир неше емлеўхана шыпакерлери иш аўырыўдың дәрисин ишиўди мәсләҳәт берди. Бирақ олардың пайдасы болмады».
Шыпакерлердиң берген мағлыўматларына қарағанда ҳәр бир қурттың узынлыгы 10 сантиметр екен. Тивари қыздың ишинде бундай көп қурттың пайда болыўына оның тазалықты сақламағанын себеп сыпатында көрсеткен. Бундай жағдайға түспеў ушын суўды фильтрден өткерип, өнимлерди жуўып жеўди мәсләҳәт берди.
Сахибжамал Есемуратова