Zlixa.uz сайтында жазылған жақсы бир мақаланы бизиң сайттың ықласбентлери де оқыўын қәледик.
Инсан дүньяға келер екен, келешекке деген қандайдур үмит ушқынлары ҳаллас урады. Жақсы, инсан деген атқа ылайықлы өмир сүриў-бәрше бенделердиң ең изги нийети, тилеги, мурат-мақсети де болыўы керек. Белгили данышпан шайыр Мақтумқулы жырлағанындай:
«Жақсылар изине ергил сен өзиң,
Дүр болсын мудамы ҳәр айтқан сөзиң.»
Жақсылықтың, мийрим-шәпәәт пенен сабырлылықтың, қанаат пенен меҳриў-муҳабеттиң, шын ықлыс пенен қайыр-сақаўаттың да гейде қәдирин-қымбатын түсиниў, орны-орнына қоя алыў да үлкен инсаныйлық пазыйлет есапанады.
Дүньяда түрли адамлар, түрли дәўирлер, түрли заманлар менен түрли жағдайлар болыўы мүмкин. Ҳеш қандай нәрсе мәңгилик емес бул пәний дүньяда, бирақ дүньяның тиреги болыўшы бир нәрсе мәнгилик, бул-жақсылық, инсанлардың бир-бирине меҳир-муҳаббети. Жақсылық бар екен-өмир гөззал, жақсылық бар екен-дүнья мәнги, жақсылық бар екен-әлем жарық ҳәм парўан.
Бабалар ҳикметинде жазыўынша жақсылықтың, саўап истиң үлкен-кишиси болмайды. Биреўдиң аўырын жеңил етиў де, қысылғанда дурыс кеңес бериў де, қыйналғанда ҳеш болмаса жанында турыў да, бийтап адамның кеўлин сораў да, ғәрип-қәсерлерге садақа бериў де, аш адамның қарнын тойдырыў да, шор жерге нәл егиў де-саўап. «Ҳәр қандай саўап ис адамды жақсылаққа жетеклейди, ямаса түрли палекетлерден асырайды»-делинген ҳәдислерде. Бирақ, тилекке қарсы жақсы болыў да, жақсылық етиў де бәрше бенделер ушын, барлық адамлар ушын тән пазыйлет емес екенлиги өкинишли. Базы да адамлар жақсылықты түсинбей де қалады, гейде кеш түсинеди.
«Жақсылық пенен жаманлық егиз, олар өмирде ҳәр дайым бирге жүреди»- деседи жасы үлкенлер ҳәм шайырлар. Қәлем ийелери болған шайырлардың бул темада қәлем тебретпегенлери болмаса керек. Жақсылық ҳәм жаманлық ҳаққында халық даналығында жүдә көп айтылады, әсиресе булар бойынша ертеклерде көп оқыймыз. Дүньяның тиреги боған жақсылық биз балалығымызда көп оқығын ертеклеримизде ҳәмийше үстин боған. Ертеклер болса, өмир шынлығының бир пәршеси. Демек, ҳақыйқый өмирде де жақсылық ҳәмийше жаманлықтан үстин болады. Бул өмирде жақсылықтың ҳәмийше үстин болыўын тилер едим.
Оразымбетова Злиха
Журналист