
АҚШ Президенти Дональд Трамп ҳәм КХДР жетекшиси Ким Чен Инниң ушырасыўы Пхенянда болып өтеди. Бул ҳаққында «Известия» хабар берди.
Корея Республикасы бирлесиў министрлиги ушырасыў орнын Ким Чен Ин өз усынысы белгилегенлигин айтпақта. Буннан тысқары, Арқа Корея басшылары Россия ҳәм Қытайдан басқа шет мәмлекетлерге көп ўақыттан берли бармаған.
Ушырасыў және бир орын Корея ярым атаўындағы қуралсызландырылған аймақ ямаса Қубла Корея болыўы мүмкин.
Ким Чен Ин Трампқа мәмлекетлер ортасында дипломатиялық байланыслар орнатыўды усыныс етиўи күтилмекте.
Сахибжамал Есемуратова