
24-май күни биринши мәрте Бельгия пайтахты Брюссельге келген АҚШ президенти Дональд Трампқа қарсы демонстрация болып өтти. Трамптың келиўи ҳәм сиясатына қарсы бағдарланған акцияда социаллық тармақлар арқалы 10 мыңнан аслам адам қатнасыў тилегин билдирген. Демонстрация қатнасыўшыларының тийкарғы бөлегин Германия, Франция ҳәм Голландия пуқаралары қурады. Онда Greenpeace шөлкеминиң белсенди ағзалары да қатнасқаны айтылмақта. Трамптан наразы болған демонстрация қатнасыўшылары «Тоқта, Трамп!», «Урыс мәселесин тоқтат!», «Дийўал емес, көпир қур!» жазыўлы плакатларды ҳәм АҚШ президентиниң келбети түсирилген масқаралаўшы сүўретти көтерип өтти.